"Әзербайжан Республикасы сыртқы ислер министриниң орынбасары Самир Шарифовты қабыллаўдан қуўанышлымыз", - деп жазған Өзбекстан сыртқы ислер министри өзиниң Telegram-каналында.

Тәреплер еки мәмлекет сыртқы сиясий уйымлары арасындағы сиясий мәсләҳәтлесиўлердиң гезектеги раундының жуўмақларын қоллап-қуўатлады.

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан басшылары арасындағы жедел, дослық ҳәм исенимге тийкарланған сөйлесиў еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын жедел раўажландырыўда айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Ушырасыўда еки тәреплеме күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды.