Илаж шөллениўдиң алдын алыў, деградацияға ушыраған жерлерди тиклеў ҳәм
тәбийғый ресурсларды турақлы басқарыў тараўында халықаралық бирге ислесиўди
раўажландырыў бойынша алдынғы тәжирийбелер менен алмасыў ушын әҳмийетли
майданға айланды.
Илажда Өзбекстан
Республикасы Президентиниң экология мәселелери бойынша кеңесгөйи - Экология ҳәм
климат өзгериўи миллий комитетиниң баслығы Азиз Абдуҳакимов, Тоғай агентлигиниң
директоры Эркин Муҳитдинов, Ишки Монголия автоном районы партия комитети
хаткериниң орынбасары Ши Гуаньхуей, тийисли министрликлер ҳәм уйымлар, илимий
жәмийетшилик, халықаралық шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери
қатнасты.
Илаж даўамында
қатнасыўшылар экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, шөллениў процесслериниң
алдын алыў, тоғайзарлықлардың майданын кеңейтиў, деградацияға ушыраған
аймақларды тиклеў ҳәм биргеликтеги тәбиятты қорғаў жойбарларын әмелге асырыў
бойынша заманагөй көзқарасларды додалады. Тоғай ҳәм жайлаў хожалығы тараўында
инновациялық технологиялар ҳәм илимий қолланбаларды енгизиў мәселелерине
айрықша итибар қаратылды.
Орайлық
ўақыялардан бири Ишки Монголияда шөлистанлыққа қарсы гүресиўде Қытайдың
жетискенликлерине бағышланған көргизбе болды. Мийманларға экологиялық қорғаныў
тосығын жаратыў ҳәм деградацияға ушыраған экосистемаларды тиклеў бойынша кең
көлемли мәмлекетлик бағдарламаның нәтийжелери таныстырылды.
Сондай-ақ,
қатнасыўшылар Қытайдың "Үш арқа қорғаныў тоғайы" миллий жойбарын
әмелге асырыўға бағышланған "Жасыл жипек жолы: шөлде жаңа туўылыў"
ҳүжжетли фильми менен танысты. Картинада қурғақ аймақларды көклемзарластырыў,
жерлерди тиклеў ҳәм шөллениўге қарсы гүресиўдиң нәтийжели системасын жаратыў
бойынша мәмлекеттиң көп жыллық тәжирийбеси көрсетилген.
Бағдарламаның
әмелий бөлиминде Ишки Монголия автоном районы ҳәм Өзбекстан Республикасы
қәнигелери арасында тоғай ҳәм жайлаў хожалығы тараўында тәжирийбе алмасыў өз
көринисин тапты. Тематикалық презентациялар шеңберинде Ишки Монголия автоном
районы Тоғай ҳәм дала хожалығы басқармасының баслығы Ван Чжаошэн тәбийғый экосистемаларды
тиклеў, нәл жетистириўдиң заманагөй технологияларын қолланыў ҳәм тоғай
ресурсларын басқарыў бойынша Қытай тәжирийбесин таныстырды. “Green University” ректоры
Бахтиёр Пулатов илимий ҳәм билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди
раўажландырыў, экологиялық қәнигелерди таярлаў ҳәм биргеликтеги изертлеў
жойбарларын әмелге асырыў перспективалары ҳаққында айтып өтти.
Илаждың әҳмийетли
нәтийжеси сыпатында “M-Grass Ecology And Environment Group Co., Ltd” корпорациясы
ҳәм “Green University” арасында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.
Ҳүжжетте туқым ҳәм нәл жетистириў, деградацияға ушыраған жайлаўларды тиклеў,
жерлердиң шөллениўине қарсы гүресиў, сондай-ақ, экология тараўына заманагөй
технологияларды енгизиў бойынша биргеликтеги жойбарларды раўажландырыў нәзерде
тутылған.
Ерисилген
келисимлер экология ҳәм тәбияттан турақлы пайдаланыў тараўында Өзбекстан -
Қытай бирге ислесиўин беккемлеўде гезектеги қәдем болды. Олар "Шөллениўге
қарсы гүресиўде Қытай ҳәм Орайлық Азияның бирге ислесиўи" темасындағы
халықаралық конференция шеңберинде Тоғай агентлиги делегациясы тәрепинен Иньчуань
қаласында қол қойылған келисимлерди толықтырады ҳәм тәбийғый экосистемаларды
сақлап қалыў, аймақлардың тоғайлылығын арттырыў ҳәм климат өзгериўине қарсы
гүресиўге қаратылған биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын жаңа
имканиятлар ашады.