Ушырасыўда Фраунгофер өндирис системалары ҳәм конструкторлық
технологиялары институты (Fraunhofer
IPK) директоры Хольгер Коль ҳәм “PROJECHT
M Foundation Germany” қорының баслығы Майк
де Врис қатнасты.
Сөйлесиўлер даўамында тәреплер жоқары билимлендириў, илимий изертлеўлер,
заманагөй өндирис технологиялары ҳәм инновациялар тараўындағы бирге ислесиўди
раўажландырыў перспективаларын, илимий қолланбаларды әмелиятқа ҳәм санаат
өндирисине енгизиў мәселелерин додалады.
Илажда Өзбекстанның жетекши жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў
мәкемелериниң ўәкиллери де қатнасты. Ушырасыў қатнасыўшылары әмелий изертлеўлерди раўажландырыў,
университетлер ҳәм санаат кәрханалары арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў,
технологиялар трансфери ҳәм санаатты санлы трансформациялаў механизмлерин
жетилистириў бойынша усынысларын билдирди.
Қоңыратбай Шарипов
германиялы кәсиплеслерине Өзбекстанда жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновация
тараўларында әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында мағлыўмат берди.
Илимий-изертлеў потенциалын арттырыў, университетлер ҳәм санаат арасындағы
байланысларды раўажландырыў, технологиялар трансфери механизмлерин
жетилистириў, бәсекиге шыдамлы инновациялық экосистеманы қәлиплестириў тийкарғы
ўазыйпалардан екенин атап өтти.
Ушырасыўда жас
изертлеўшилердиң академиялық ҳәм илимий мобильлик бағдарламалары, қоспа илимий
ҳәм инновациялық жойбарларды әмелге асырыў, санаатты санластырыў, суў
технологиялары ҳәм жасыл энергетика тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў
мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Тәреплер
Өзбекстанның жоқары билимлендириў мәкемелери тийкарында заманагөй
лабораториялар ҳәм компетенция орайларын шөлкемлестириў, робототехника ҳәм
жасалма интеллект тараўында биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў, илимий
қолланбаларды коммерцияластырыў ҳәм spin-off компанияларды раўажландырыў
перспективаларын да көрип шықты.
Ушырасыў
жуўмағында тәреплер әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, әмелий
илим, инновациялар ҳәм заманагөй технологияларды раўажландырыўға қаратылған
қоспа жойбарларды әмелге асырыўдан мәпдар екенин билдирди.