Илаж шеңберинде миллий-мәдений автономиялардың көргизбе-презентациясы өткерилип, мийманлар ҳәр қыйлы халықлардың дәстүрий турмыслық буйымлары, өнерментшилик буйымлары, миллий тағамларының элементлери ҳәм мәдений өзгешеликлери менен жақыннан танысты. Сондай-ақ, фестиваль бағдарламасында концерт бағдарламалары да орын алған.

Илаждың рәсмий бөлиминде Калининград ўәлаятының көп балалы шаңарақларын салтанатлы түрде қутлықлаў мәресими болып өтти, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Өзбекстанлылар тәрепинен шөлкемлестирилген экспозиция қатнасыўшыларда айрықша қызығыўшылық оятты. Интерактив стендте Өзбекстанның мәдений мийрасы үлгилери - дәстүрий ыдыс-табақлар, миллий әдебият, музыка әсбаплары ҳәм кийим-кеншек элементлери көрсетилди. Мийманлар өзбек халқының бай тарийхы ҳәм дәстүрлери менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болды.

Ўатанласларымыздың фестивальда қатнасыўы өзбек жәмийетшилигиниң аймақтың жәмийетлик турмысында белсене қатнасыўының айқын үлгиси болып, Калининград ўәлаяты халықлары арасында миллетлераралық татыўлық, мәдений алмасыў ҳәм дослықты беккемлеўге хызмет етти.