Бул ҳаққында тәбийғый апатшылықларды
басқарыў миллий агентлигине тийкарланып, Индонезия ғалаба хабар қураллары хабар
бермекте, деп жазады "Report".
"Айтып өтиў керек, жер
силкиниў ақыбетинде қайтыс болған 100 адам аўыр жарақат алған ҳәм медициналық
орынларда емленген. Бирақ оларды қутқарып қалыў мүмкин болмады", - деп
атап өтти агентлик.
Жер силкиниў ақыбетинде 1
мың 603 адам жарақатланған, 180 мың 327 адам болса қашқынлар лагерьлерине
жайласыўға мәжбүр болған.
15-июнь күни жүз берген жер
силкиниўинен кейин 6 мың 409 жер силкиниў жағдайы бақланды. Олардың ең
күшлисиниң магнитудасы 6,2.