Ушырасыўда аўыл хожалығын модернизациялаў, өсимликлерди зыянлы организмлерден турақлы қорғаў, фермер ҳәм қыйтақ жер ийелериниң билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, әмелиятқа заманагөй агротехнологияларды кеңнен енгизиў мәселелери көрип шығылды.

Атап айтқанда, ФАО тәрепинен Европа Аўқамының қаржылай жәрдеминде әмелге асырылып атырған "Қәўипли химиялық элементлерди ақылға уғрас басқарыў ушын техникалық жәрдем" жойбары шеңберинде Фермерлер дала мектеплерин (Farmer Field Schools) шөлкемлестириў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Бул баслама фермерлер ҳәм қыйтақ жер ийелериниң өсимликлерди зыянлы организмлерден комплексли қорғаў тараўындағы потенциалын беккемлеўге қаратылған болып, биологиялық қорғаў қуралларынан пайдаланыўды кеңейтиў ҳәм дала шараятында оқытыўдың әмелий бағдарланған көзқарасларын алға қойыўды нәзерде тутады. Бул бағдардағы жумыслар Ферғана ҳәм Наманган ўәлаятларында әмелге асырылмақта, ҳәзирги ўақытта ФАО қәнигелери бул басламаны Жиззақ ўәлаятының Пахтакор районында даўам еттирмекте.

Фермерлердиң дала мектеплери басламасы арқалы ФАО жерден пайдаланыўшылар арасында тәжирийбе алмасыўды күшейтиў, алдыңғы фермерлер ҳәм қыйтақ жер ийелерин тартыў, аймақлық билим алмасыўды раўажландырыў, жоқары қәўипли пестицидлерден басқышпа-басқыш ўаз кешиў, сондай-ақ, Өзбекстанда турақлы аўыл хожалығын раўажландырыўға жәрдемлесиўди мақсет еткен.

Додалаўлар процесинде мәшти no-till технологиясы тийкарында жетистириў имканиятларына да айрықша итибар қаратылды. Бул усыл ресурсларды үнемлеў, топырақ өнимдарлығын сақлаў, өндирис қәрежетлерин азайтыў, сондай-ақ, климат өзгериўи шараятында аўыл хожалығының турақлылығын арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди. ФАО туқым таңлаў, егиў технологиясы ҳәм жетистириўдиң толық цикли мәселелери бойынша техникалық жәрдем көрсетиўге таяр екенин билдирди.

Буннан тысқары, мәжилисте райондағы көргизбели майданларда суў ресурсларын ақыллы басқарыў технологияларын енгизиў, суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, фермерлер ушын әмелий оқыў платформаларын жаратыў мәселелери көрип шығылды.

Аўыл хожалығын модернизациялаў процесинде ҳаял-қызлар ҳәм жас фермерлердиң билим, технологиялар ҳәм оқыўдың әмелий имканиятларынан тең пайдаланыўын тәмийинлеў әҳмийетли екенлигине айрықша итибар қаратылды. ФАОның 2025-жылғы "Өзбекстанда гендер теңлик, аўыл хожалығы ҳәм аўыллық аймақларды раўажландырыў" атамасындағы есабатына бола, фермер хожалықлары ушын ажыратылған жер ийелери арасында ҳаял-қызлар тек ғана алты процентти қурайды. Бул жағдай аўыл хожалығында инновациялар ҳәм ресурслардан пайдаланыўда гендерли қатнас жасаў зәрүрлигин және бир мәрте көрсетпекте. Бундай көзқарас тек ғана инновациялық агротехнологияларды кеңейтиўге емес, ал аўыллық жерлердиң инклюзив ҳәм турақлы раўажланыўын қоллап-қуўатлаўға да хызмет етеди.

Ушырасыў жуўмағында бул басламалар Пахтакор районында аўыл хожалығы нәтийжелилигин арттырыў, инновациялық көзқарасларды кеңейтиў ҳәм фермерлер ушын жаңа имканиятлар жаратыўда әҳмийетли екенлиги атап өтилди.