Жаңа оқыў жылындағы әҳмийетли жаңалықлардан бири - системада биринши
мәрте 1 инклюзив орай, 3 инклюзив мектеп, сондай-ақ, ҳәр бир аймақта биреўден
көп тармақлы мектеп шөлкемлестирилди.
Бул арқалы ҳәр қыйлы билимлендириўге мүтәжлиги болған балалар өз
қатарлары менен бир мәкемеде ҳәр бир баланың өзгешелигин есапқа алған бағдарлар
бойынша билим алыў имканиятына ийе болды.
Жаңа оқыў жылында
системадағы мектеп ҳәм мектеп-интернатлардың 1-класына 1 мың 300 ден аслам бала
қабыл етилди. Биринши класс оқыўшыларына "Президент саўғалары",
жаңаланған сабақлық ҳәм оқыў-методикалық қолланбалар тапсырылды.
“Жаңа оқыў жылы
ҳәмме ушын жаңа имканиятлар, билим ҳәм жетискенликлер жылы болсын!
Барлық
оқыўшыларымызға табыслар, педагог ҳәм тәрбияшыларға күш-ғайрат ҳәм дөретиўшилик
илҳам тилеймиз", - деп атап өтти Социаллық қорғаў миллий агентлиги.