Фестиваль алдынан Өзбекстан Көркем өнер академиясында
баспасөз әнжуманы өткерилип, онда Академия ўәкиллери Халықаралық көркем өнер
ҳәптелигиниң бағдарламасы ҳәм мақсетлери ҳаққында толық мағлыўмат берди.
Фестивалды өткериўден тийкарғы мақсет - әўладтан-әўладқа
өтип киятырған миллий сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнеримиздиң бай мәдений
мийрасын ғалаба ен жайдырыў, өзбек көркем өнериниң жетискенликлерин халықаралық
майданда үгит-нәсиятлаў, дөретиўшилик алмасыўларды раўажландырыў ҳәм жаңа
талант ийелерин анықлаў, "устаз-шәкирт" дәстүрлерин даўам еттириў,
заманагөй көркем өнер тараўындағы әҳмийетли процесслерди үйрениў, Өзбекстан -
Қырғызстан арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўден ибарат.
Фестиваль Ташкент қаласы, ўәлаят орайлары ҳәм Қарақалпақстан
Республикасының көргизбе залларын қамтып алады. Бағдарлама шеңберинде елимиз
ҳәм сырт еллердиң белгили художниклери ҳәм усталарының қатнасыўында көргизбелер
ҳәм шеберлик сабақлары, көркем өнер бағдарламалары, мәдений-ағартыўшылық
илажлар, халықаралық илимий конференциялар, сондай-ақ, жоқары оқыў орынлары,
колледжлер ҳәм қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелериниң студентлери
тәрепинен таярланған дөретиўшилик жойбарлардың презентациялары, кийим моделлери
көргизбелери ҳәм шеберлик сабақлары өткериледи.
Быйылғы фестивалда жергиликли художниклер менен бирге Қытай,
Қубла Корея, Түркия, Франция, Румыния, Россия, сондай-ақ, ТҮРКСАЙ шөлкемине
ағза мәмлекетлерден де художниклер кең көлемде қатнаспақта.
Әдеттегидей, 5 күн даўамында Ташкент қаласында ҳәм
республика бойлап фестиваль шеңберинде көргизбелер, шеберлик сабақлары,
дөретиўшилик ушырасыўлар ҳәм илимий конференциялар, еки тәреплеме
меморандумларға қол қойыў мәресимлери болып өтеди.
Фестивалда Көркем өнер академиясы жанындағы көркем өнер
мектеплери ҳәм мектеп-интернатлары менен бир қатарда Республикалық
қәнигелестирилген мектеплер ҳәм жоқары оқыў орынларының сүўретлеў ҳәм әмелий
көркем өнер бағдарларындағы талантлы жаслар, художниклер де қатнасып, өзлериниң
дөретиўшилик жумысларын көрсетиў имканиятына ийе.
Ташкенттеги илажлар Орайлық көргизбелер залында, Камолиддин
Беҳзод атындағы Шығыс миниатюра көркем өнери музейинде, Камолиддин Беҳзод
атындағы Миллий көркем өнер ҳәм дизайн институтында, Ташкент фотосүўрет үйинде,
Икуо Хираяма атындағы халықаралық мәденият кәрўан сарайында, Республикалық
қәнигелестирилген дизайн мектебинде, Өзбекстан сүўретлеў көркем өнери
галереясында, сондай-ақ, "Академия" көркем өнер академиясының
галереясында болып өтеди.