Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар берди.

Сондай-ақ, қысқа мүддетли қайта таярлаў бағдарламалары тийкарында жаңа тар қәнигелик алыў бийкар етиледи.

Магистратура тар тараўдағы шыпакерлерди таярлаў басқышы емес, тек ғана илимий ҳәм илимий-педагог кадрларды таярлаўға қаратылады. Бунда магистратурада оқыўға түрлес тәлим бағдарларының питкериўшилери де киргизилиўи мүмкин болады.

Резидентурада оқытыў мәмлекетлик грант тийкарында әмелге асырылады. Қабыллаў квоталары аймақлар, медицина шөлкемлериниң бүгинги күндеги талабы ҳәм айырым бағдарлар бойынша қәнигелердиң жетиспеўшилигин есапқа алған ҳалда тастыйықланады. Резидентлер ушын ең кем мийнет ҳақының 2,15 есеси муғдарында арттырылған стипендия енгизиледи.

Оқыў жуўмағында резидентура питкериўшилерине Миллий қәнигелик шеңбериниң 7-дәрежесине сәйкес келетуғын, докторантурада оқыўды даўам еттириў ҳуқықын беретуғын диплом бериледи.