Мақсетлер:
бөлип-бөлип төлеў хызметлери тутыныўшыларының ҳуқықларын қорғаў;
халықтың қарыз жүги дәрежесиниң ҳәдден тыс ҳәм жасырын түрде өсиўине жол
қоймаў;
бөлип-бөлип төлеў хызметлерин көрсетиўде финанслық технологиялардан
кеңнен пайдаланыўды енгизиў.
бөлип төлеў хызметлерин тәртипке салыў илажлары;
2027-жыл 1-январьдан баслап бөлип төлеў хызметлери операторларының жумысы
жолға қойылады. Онда, физикалық тәреп (тутыныўшы) орнына юридикалық тәреп
тәрепинен сатыўшыға товарлар (жумыслар, хызметлер)дың баҳасын төлеў бөлип-бөлип
төлеў хызмети есапланады. Онда тутыныўшы тәрепинен төленген сумманы есапланған
комиссия (үстеме) менен бирге бөлип-бөлип төлеў шәртлери тийкарында кейин ала
төлениўи нәзерде тутылады (сатыўшы тәрепинен тутыныўшыға тиккелей сатыў
жағдайлары буған кирмейди).
Төлемди
бөлип-бөлип төлеў хызметлерин көрсетиў жумысын әмелге асырыўшы юридикалық
тәреплер төлемди бөлип-бөлип төлеў хызметлериниң операторлары (банклер ҳәм
микроқаржы шөлкемлеринен тысқары) деп тән алынады.
Төлемди
бөлип-бөлип төлеў хызметлерин көрсетиў бойынша жумысты әмелге асырыў ҳуқықы
юридикалық тәреп Орайлық банк тәрепинен қәлиплестирилетуғын тийисли Реестрге
киргизилгеннен кейин жүзеге келеди.
Нызамшылыққа
муўапық айланыстан шығарылған ямаса айланысы шекленген көшпес мүлк, сондай-ақ
басқа да мүлк бөлип-бөлип төлеў хызметлериниң объекти бола алмайды.
Төлемди
бөлип-бөлип төлеў хызметлерин көрсетиў шәртнамаларына қойылатуғын талаплар:
бөлип-бөлип төлеў
хызметлери объектиниң баҳасы БЕМның 250 есесинен артпаўы керек;
бөлип-бөлип төлеў
хызметлери операторының комиссия төлемлери (үстеме төлемлери) ҳәм товарлардың
(жумыслардың, хызметлердиң) ақырғы баҳасына киргизилетуғын басқа төлемлер бөлек
көрсетиледи;
бөлип-бөлип төлеў
хызмети бойынша тийкарғы қарыздан тысқары барлық төлемлер, соның ишинде,
комиссия төлемлери, неустойка (жарима, пеня), басқа да жуўапкершилик
илажларының суммасы бир жыл ушын бөлип-бөлип төлеў муғдарының ярымынан көп
болмаўы керек;
тутыныўшының
хызмет ушын төленген төлем пулын қосымша жәрийма, пеня ҳәм комиссиясыз
мүддетинен бурын (толық ямаса бир бөлегин) ҳәм қәлеген ўақытта бөлип-бөлип
төлеў ҳуқықына ийе екенлиги;
тутыныўшының
бөлип-бөлип төлеў хызметин көрсетиў шәртнамасы бойынша миннетлемелериниң ең көп
мүддети шәртнама дүзилген күннен баслап 12 айдан аспаўы керек. Онда, сатып
алынған товарлар (жумыслар, хызметлер) ның баҳасын 12 айдан көп мүддетке
бөлип-бөлип төлеўди нәзерде тутатуғын шәртнама тутыныў кредити шәртнамасы деп
тән алынады.
Төлемди
бөлип-бөлип төлеў хызметлери операторларына финанслық тутыныў кредитлерин бериў
ҳәм физикалық тәреплердиң пул қаржыларын тартыў (облигациялар шығарыўдан
тысқары) қадаған етиледи.
Олар Орайлық
банктиң тәртипке салыў ҳәм қадағалаў бойынша пруденциал нормалары ҳәм
талапларына әмел етиўи, сондай-ақ, қарыйдарларды санлы идентификациялаў ҳәм
тексериўден өткериўи шәрт.
Товар тутыныў
кредитлерин бериўши шөлкемлер, шерек жуўмақлары бойынша товарларды (жумысларды,
хызметлерди) реализациялаў бойынша айланысы 500 млн сумнан асқан ҳәм
бөлип-бөлип төлеў хызметлериниң үлеси 50% ҳәм оннан көп болған шөлкемлер (ислеп
шығарыўшы кәрханалар буған кирмейди):
есап дизиминен
өтиў ҳәм Реестрде турыў;
бөлип-бөлип төлеў
хызметлери операторлары ушын белгиленген талапларға әмел етиў.
2027-жыл
1-январьдан баслап товар тутыныў кредитлерин ажыратыўшы шөлкемлер тәрепинен
баҳасы БЕМның 3 есесине шекем болған тутыныў кредити шәртнамалары ҳәм олардың
орынланыў жағдайы бойынша мағлыўматларды кредит бюросына усыныў талап
етилмейди.
Ҳүжжет Нызамшылық
мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 17.08.2026-жылдан күшке кирди,
деп жазады «Norma».