Быйыл республикамыздағы 11 мың 178 улыўма билим бериў мектебинде Билимлер күнине бағышланған салтанатлы илажлар өткериледи. Онда 5,8 миллионға шамалас оқыўшы, соның ишинде, ата-аналары менен бирге биринши мәрте байрам илажларының қатнасыўшысы болған 1-класс оқыўшылары қатнасады.

Сондай-ақ, жаңа оқыў жылында 598 профессионал билимлендириў мәкемеси ҳәм 73 академиялық лицей өз жумысын баслайды. Усы мүнәсибет пенен оқыў жылының дәслепки күнлеринде жәмийетлик тәртипти, оқыўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм профилактикалық илажларды өткериў бойынша қосымша илажлар көрилмекте.

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигинде жаңа оқыў жылын шөлкемлескенлик пенен баслаў, оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналарының қәўипсизлигин тәмийинлеў, жәмийетлик тәртипти сақлаў, ҳәр қыйлы ҳәдийселер ҳәм айрықша жағдайлардың алдын алыў мәселелери додаланған оператив мәжилис болып өтти.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри, генерал-лейтенант Азиз Ташпулатов, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы сәркардасы, генерал-полковник Баҳодир Тошматов, Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министри, генерал-майор Азизбек Икрамов ҳәм тийисли уйымлар ҳәм тараўлардың жуўапкер ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, илажларда оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналарының ғалабалық қатнасыўын есапқа алған ҳалда, байрам илажлары өткерилетуғын орынларда жәмийетлик тәртипти ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, транспорт ҳәм пиядалардың тосқынлықсыз ҳәрекетин шөлкемлестириў айрықша әҳмийетке ийе.

Атап айтқанда, билимлендириў мәкемелери әтирапында жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў, пиядалар ағымын тәртипке салыў, мектеплер әтирапында транспорт қуралларының ҳәрекети ҳәм тоқтаўын қадағалаў илажлары нәзерде тутылған.

Мектеплер әтирапында пиядалар ҳәм автотранспортлардың қәўипсиз ҳәрекетин шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылады. Бул, әсиресе, 1-класс оқыўшыларының ата-аналары менен бирге байрам илажларында қатнасыўын есапқа алғанда айрықша әҳмийетке ийе.

Мәжилисте билимлендириў мәкемелеринде өрт қәўипсизлиги талапларына әмел етиў, өрт ҳәм басқа да айрықша жағдайлардың алдын алыў, анықланған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм тийисли хызметлердиң оператив ҳәрекетлерге таярлығы мәселелери де көрип шығылды.

Жуўапкерлерге ҳәр бир билимлендириў мәкемесинде зәрүр қәўипсизлик илажларын алдыннан тәмийинлеў, профилактикалық жумысларды күшейтиў, анықланған кемшиликлерди жеделлик пенен сапластырыў, жуўапкер уйымлар арасында ҳәрекетлерди нәтийжели муўапықластырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Жаңа оқыў жылының биринши күни тек ғана оқыўшылар емес, ал олардың ата-аналары ушын да әҳмийетли ҳәм толқынландырыўшы ўақыя болып есапланады. Миллионлаған пуқаралар қатнасып атырған илажлардың тыныш ҳәм қәўипсиз өтиўин тәмийинлеў барлық жуўапкер хызметлерден жоқары дәрежедеги шөлкемлескенлик, сергеклик ҳәм жуўапкершиликти талап етеди.

Балалардың қәўипсизлиги - улыўма жуўапкершилик. Билимлер күнине бағышланған илажлардың шөлкемлескенлик пенен, тыныш ҳәм қәўипсизлик талапларына толық әмел еткен ҳалда өтиўине барлық зәрүр илажлар қаратылған.