Пәрманға муўапық, 2026-жыл 1-июньнен баслап:
- қурылыс объектлеринде төмендеги экологиялық талапларды енгизиў бойынша миннетлемелер киргизиледи:
объектлерди фонлық мониторинг станциялары менен үскенелеў ҳәм оларды Экология комитетиниң Бирден-бир геомәлимлеме мағлыўматлар базасы менен интеграциялаў;
Экология комитетиниң мағлыўматлар базасына интеграцияласқан ҳалда аралықтан қадағалаўды алып барыў ушын периметр ҳәм шығыў ноқатларында онлайн камералар орнатыў;
ҳуқықбузарлыққа жол қойған қурылыс шөлкемлериниң рейтинг баллын "Ашық-айдын қурылыс" миллий мәлимлеме системасында төменлетиў әмелиятын енгизиў;
жойбарлаў-смета ҳәм қала қурылысы ҳүжжетлерин экспертизадан өткериўде экологиялық экспертиза жуўмағын мәжбүрий усыныў тәртиби енгизиледи;
бийиклиги 12 метрден ҳәм (ямаса) улыўма майданы 500 квадрат метрден жоқары болған жаңа имаратлар жойбарластырылғанда, оған тутас аймақлардың көклемзарластырыў майданы жойбар ушын ажыратылған жер участкасы улыўма майданының кеминде 30 процентин қураўы керек.