Усы Реже жүклерди ҳәм жолаўшыларды халықаралық автомобиль тасыўларын әмелге асырыў ушын рухсатнамаларды алмастырыў, бериў ҳәм олардан пайдаланыў тәртибин белгилейди.

Усы Режениң әмел етиўи миллий ҳәм сырт ел тасыўшыларына қолланылады.

Режеге муўапық, Өзбекстан рухсатнамаларында халықаралық автомобильде жүк ҳәм жолаўшы тасыў түрлери ҳәм олардан пайдаланыў шәртлери көрсетиледи.

Өзбекстан ҳәм сырт ел рухсатнамалары төмендеги тийкарғы түрлерге бөлинеди:

еки тәреплеме/транзит жүк тасыў ушын;

үшинши мәмлекетлерге жүк тасыў ушын;

универсал (үш тәреплеме, транзит ҳәм үшинши мәмлекетлерге жүк тасыў);

еки тәреплеме жүк тасыў ушын;

транзит жүк тасыўлар ушын;

еки тәреплеме қатнаўларда турақлы болмаған жолаўшы тасыўлар ушын;

транзит қатнаўында турақлы болмаған жолаўшы тасыўлар ушын.

Автомобиль транспортында халықаралық турақлы жолаўшыларды тасыў Өзбекстан Республикасы ҳәм сырт мәмлекеттиң ўәкилликли уйымлары арасында келисилген ҳалда шөлкемлестириледи.