Жаңа система банк картасы қайсы ҳуқық қорғаў
уйымы тәрепинен, қашан ҳәм не себептен блокланғанын оператив түрде анықлаў
имканиятын береди. Бул ҳаққында регулятор баспасөз хызмети хабар берди.
Енди бул мағлыўматларды алыў ушын пуқаралар
Орайлық банкке қосымша мүрәжат етиўи шәрт емес. Карта ийесине оған хызмет
көрсететуғын коммерциялық банкке мүрәжат етиў жеткиликли. Банк “InfoCards” системасы
жәрдеминде тийисли мағлыўматларды анықлайды ҳәм картаны блоклаў бойынша
түсиниклер береди.
Бул система пуқаралардың мүрәжатларын көрип
шығыўды әпиўайыластырыў, артықша әўерегершиликти қысқартыў, банк хызметлерин
алыўда оперативлик ҳәм ашық-айдынлықты арттырыўға хызмет етеди.