Бағдарлама жоқары оқыў көрсеткишлери, илимий-изертлеў ҳәм дөретиўшилик
потенциалы, белсенди пуқаралық позициясына ийе болған студентлерди
қоллап-қуўатлаў, Орайлық банк системасы ушын маман ҳәм перспективалы кадрлар
резервин қәлиплестириўге қаратылған.
Бағдарлама ҳәр жылы әмелге асырылады. Таңлаўда республикамыздың жетекши
жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери - бакалавриат ҳәм
магистратураның күндизги тәлим түринде оқып атырған питкериўшилери қатнасыўы
мүмкин.
Шәртлер ҳәм
имканиятлар.
Орайлық банктиң
арнаўлы стипендиясының муғдары базалық есаплаў муғдарының кеминде үш есесин
қурайды.
Стипендиатлар
таңлаў тийкарында таңлап алынады. Сондай-ақ, олар Орайлық банктиң тийисли
бөлимлеринде ҳәптесине 15 сааттан көп болмаған ўақытта әмелият өтеў имканиятына
ийе болады. Бул студентлерге банк системасының әмелий искерлиги менен танысыў,
алынган теориялық билимлерди әмелиятта қолланыў имканиятын береди.
Талабанлар ушын
тийкарғы талаплар.
Таңлаў
қатнасыўшыларына төмендеги талаплар қойылады:
ақырғы оқыў жылы
жуўмақлары бойынша жоқары рейтинг көрсеткишлери;
мәмлекетлик тилди
жетик билиўи;
рус ҳәм инглис
тиллерин В2 дәрежесинен кем болмаған дәрежеде билиўи;
төмендеги
бағдарлардан бири бойынша оқытыў: Экономика - 60410100; Макроэкономика -
70410103; Жәҳән экономикасы ҳәм халықаралық экономикалық қатнасықлар -
60411100; Статистика - 60410700; Финанс ҳәм финанслық технологиялар - 60410500;
Банк иси - 60410600; Банк иси - 70410601; Бухгалтерия - 60410200; Жасалма
интеллект - 60610500; Программалық инжиниринг - 60610400; Мәлимлеме
қәўипсизлиги - 60610200; Мәлимлеме системалары ҳәм технологиялары - 60610100;
Юриспруденция - 70420100; Юриспруденция - 60420100; Дизайн: медиа дизайн -
60210400; Филология ҳәм тиллерди оқытыў:
өзбек тили - 60230100; Аўдарма теориясы ҳәм әмелияты (тиллер бойынша) -
60230200; тийисли бағдарлар бойынша басқа қәнигеликлер.
Артықмашлық
бериўши критериялар
Таңлаўдағы
қосымша жеңилликлер:
ACCA сертификаты
ямаса басқа халықаралық финанслық сертификатлардың бар екенлиги;
Үлкен
мағлыўматлар (Big Data) менен ислесиў көнликпелери;
IELTS 7,0 ҳәм
оннан жоқары нәтийже;
экономика, қаржы
ямаса мәлимлеме технологиялары бойынша халықаралық ҳәм республикалық
олимпиадалардағы жеңислер ямаса сыйлы орынлар.
Таңлаўды өткериў
тәртиби.
Белгиленген
талапларға жуўап беретуғын студентлер Орайлық банктиң Telegram-боты арқалы
мүрәжат етиўи мүмкин.
Арзалар 2026-жыл
11-сентябрьге шекем қабыл етиледи. Буйыртпа бериўде Орайлық аппарат ямаса
Орайлық банктиң тийисли аймақлық бас басқармасын таңлаў зәрүр.
Таңлаў үш
басқышта өткериледи:
1-басқыш -
15-сентябрь күни саат 10:00 де.
Аралықтан тест
тапсырыў.
"Экономика",
"Банк иси", "Қаржы", "Статистика" қәнигеликлери
студентлери ушын тест сынақларында макроэкономика ҳәм логикалық пикирлеў
бойынша сораўлар бериледи.
"Юриспруденция",
"Информациялық технологиялар" ҳәм басқа да қәнигеликлердиң
студентлери ушын логикалық пикирлеў ҳәм қәнигелик бойынша сораўлар нәзерде
тутылған.
2-басқыш -
16-сентябрь күни саат 11:00 де.
“Google Meet”
форматында өткерилетуғын сәўбет нәтийжелери бойынша шет тиллерин билиў
дәрежесин баҳалаў.
3-басқыш -
18-сентябрь күни саат 10:00 де.
Ең мүнәсип
талабанларды Эксперт топары менен сәўбетлесиў. Аймақларда бул жумысларды
аймақлық эксперт топарлары шөлкемлестирмекте.
Таңлаў жуўмақлары
бойынша Орайлық банктиң арнаўлы стипендиясы тайынланатуғын студентлер
анықланады.