“MY.SUD.UZ” порталында "Қадаған етилген каналлар" жаңа хызмети иске түсирилди. Оның жәрдеминде Өзбекстан Республикасы Жоқары суды тәрепинен диний экстремизм, терроризм ҳәм диний фанатизм идеяларын өзинде жәмлеген, сондай-ақ, мәмлекет аймағына алып кирилиўи, таярланыўы, сақланыўы, тарқатылыўы ҳәм көрсетилиўи қадаған етилген интернет дәреклери ҳәм мазмуны ҳаққында мағлыўмат алыў мүмкин.
Хызмет төмендегилерге имкан береди:
қадаған етилген дереклер ҳәм каналларды излеў;
олар ҳаққындағы мағлыўматларды ҳәр қыйлы интернет платформаларында көрип
шығыў;
тийисли дереклер ҳәм контент пенен танысыў;
қадаған етилген каналлар дизимин қолайлы форматта көриў.
Хызметтен қалай пайдаланыў мүмкин:
“MY.SUD.UZ” → Интерактив хызметлер → "Қадаған етилген каналлар".