Атап айтқанда, Европа Аўқамы тәрепинен қаржыландырылатуғын ҳәм Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки тәрепинен басқарылатуғын Орайлық Азия ушын экологиялық реабилитациялаў есабы (ERA) шеңберинде бурынғы Янгиобод ҳәм Чаркесар-2 уран кәнлерин рекультивациялаў жумыслары жуўмақланды.

Жойбарды әмелге асырыў ушын 9 миллион евро грант қаржылары ажыратылды. Қаржы рекультивация жумысларын әмелге асырыў, техникалық ҳәм мәсләҳәт жәрдемин көрсетиўге қаратылған.

Жойбар шеңберинде радиациялық ҳәм экологиялық қәўип-қәтерлерди азайтыў, халықты қорғаў ҳәм бузылған аймақларды тиклеў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылды. Атап айтқанда, қәўипли шахта стволлары ҳәм жер асты қазылмалары жабылды, суў ағымларының жағалықлары беккемленди, таў-кән ағымлары рекультивацияланды ҳәм суў тарқатыў имаратлары тикленди.

"Чаркесар-2" объектиндеги жумыслар 2024-жылы, "Янгиобод" объектинде 2025-жылы жуўмақланған. Қосымша илажлар 2026-жылдың август айында жуўмақланды.

Ҳәзирги ўақытта тикленген аймақлардың экологиялық жағдайын узақ мүддетли мониторинг етиў, олардың қәўипсизлигин қадағалаў ҳәм ерисилген нәтийжелерди сақлаўға тийкарғы итибар қаратылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 3-августтағы "Қәўипли шығындыларды басқарыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында"ғы қарарына муўапық, Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлиги уран мийрасы объектлерин узақ мүддетли басқарыў бойынша миллий оператор сыпатында белгиленген.

Соның менен бирге, мәмлекетте экологиялық реабилитациялаўға мүтәж болған басқа уран мийрасы объектлери де қалмақта. Атап айтқанда, Ташкент ўәлаятындағы Красногорск ҳәм Наманган ўәлаятындағы Чаркесар-1 объектлеринде тиклеў жумыслары әмелге асырылады.

Бул жойбарларды әмелге асырыў қосымша қаржы ресурсларын тартыў, заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди және де кеңейтиўди талап етеди.