Онда Президент Администрациясы басшысының билимлендириўди реформалаў бойынша орынбасары Илҳом Сирожев, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Коңыратбай Шарипов, Спорт министри Адҳам Икрамов, сондай-ақ, 14 аймақтан келген студент-жаслар ҳәм жоқары оқыў орынларының ўәкиллери қатнасады. Илажда жарысты баслаўдың символикалық түймеси басылады ҳәм олимпиадаға рәсмий старт бериледи.

Бул олимпиада студент-жаслар арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў, қәбилетли спорчы жасларды анықлаў мақсетинде өткерилмекте.

Жарыслардың барлық басқышлары Спорт министрлигиниң «ERP-sport» бирден-бир электрон басқарыў системасы арқалы қадағалап барылады.

Бүгинги күнге шекем таңлаўда қатнасыў ушын 168 жоқары оқыў орны, соның ишинде, 92 мәмлекетлик, 52 мәмлекетлик емес ҳәм 24 сырт ел жоқары оқыў орынлары дизимнен өткен.

Жарыста қатнасыў тилегин билдирген студентлердиң улыўма саны 159 273 ти қурамақта.

Жарыс 3 басқышта өткериледи:

1-басқыш: 6-20-апрель;

2-басқыш: 1-15-май;

финал басқышы: 1-июньнан 10-июньға шекем Ташкент қаласындағы Олимпия қалашасында болып өтеди.

Комплекс жарыслар волейбол, гандбол, 3х3 баскетбол, стол тенниси, футбол, жеңил атлетика, жүзиў (жүзиў жарыслары 2-басқыштан басланады) спорт түрлеринен шөлкемлестириледи.