Илажда Грузияның 10 нан аслам жетекши туристлик компанияларының ўәкиллери қатнасып, Өзбекстанның туризм бизнеси ўәкиллери менен исбилерменлик сөйлесиўлерин өткереди.

Форум шеңберинде қатнасыўшылар тәжирийбе алмасады, бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары, жаңа туризм өнимлерин ислеп шығыў, өз-ара туристлер ағымын көбейтиў ҳәм еки мәмлекет компаниялары арасындағы исбилерменлик байланысларын кеңейтиў имканиятларын додалайды.

Өзбекстан ҳәм Грузия туризм бизнеси ўәкиллери арасында жаңа шериклик қатнасықларын орнатыў, туризм тараўындағы жойбарларды биргеликте әмелге асырыў ушын имканиятларды излеўге айрықша итибар қаратылады.

Биринши Өзбекстан-Грузия бизнес форумының өткерилиўи еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў, туризм бизнесин раўажландырыў ҳәм еки мәмлекет арасында туристлик алмасыўларды көбейтиў ушын жаңа имканиятлар жаратыўда гезектеги қәдем болады.