"Орайлық Азияда суў ресурсларын нәтийжели басқарыў тараўында бирге
ислесиў" (CAWEC) жойбары регионаллық бирге ислесиўди
беккемлеў, улыўма суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў ҳәм суў хожалығы
инфраструктурасына қосымша инвестицияларды тартыў ушын шараятлар жаратыўға
қаратылған. Жәҳән банкиниң есап-санақларына бола, оның әмелге асырылыўынан
Орайлық Азия мәмлекетлериниң дерлик 40 миллион халқы тиккелей ямаса тиккелей
емес пайда көреди.
Ҳәзирги ўақытта
регион мәмлекетлери суў хожалығы инфраструктурасының ескиргени, мәмлекетлер
арасында суў ресурслары ҳәм энергетика тараўларында нәтийжели муўапықласыўдың
жетерли емеслиги, Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья бассейнлеринде гидрологиялық
мағлыўматлар алмасыўының шекленгени сыяқлы бир қатар қатаң қәўип-қәтерлерге дус
келмекте.
Климат
өзгериўиниң ақыбетлери жағдайды қыйынластырмақта. Кейинги 60 жылда Орайлық Азия
музлықларының майданы дерлик 30 процентке қысқарғаны регионның суў тәмийнатына
унамсыз тәсир көрсетпекте. Экспертлердиң есап-санақларына бола, улыўма суў
ресурсларын басқарыўда муўапықластырыўдың жетерли емеслиги ҳәр жылы 4,5
миллиард доллардан аслам экономикалық зыянға алып келмекте.
Жәҳән банкиниң
Орайлық Азия бойынша регионаллық директоры Наджи Бенхасин атап өткениндей, суў
ресурсларын турақлы басқарыў регионда узақ мүддетли экономикалық өсиў ҳәм жаңа
жумыс орынларын жаратыўдың әҳмийетли факторларынан бири болып есапланады. Оның
атап өтиўинше, жаңа жойбар Орайлық Азия мәмлекетлерине улыўма суў хожалығы машқалаларын
биргеликте нәтийжели шешиў ҳәм регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў имканиятын
береди.
Жойбардың әмелге
асырылыўын Аралды қутқарыў халықаралық қорының Атқарыў комитети шөлкемге ағза
мәмлекетлер менен биргеликте муўапықластырады.
Жойбар шеңберинде
2031-жылға шекем регионның еки ҳәм оннан аслам мәмлекети қатнасыўында алтыға
шекем трансшегаралық инфраструктуралық жойбар таярланыўы күтилмекте. Олар
ирригация системаларын модернизациялаў, суў сақлаў объектлерин раўажландырыў,
суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм суў инфраструктурасын
биргеликте басқарыўды жетилистириўге қаратылады.
Буннан тысқары,
жойбарда Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья бассейнлеринде суў ресурсларын есапқа алыў
системаларын санластырыў ҳәм мәлимлеме платформаларын модернизациялаў нәзерде
тутылған. Регионаллық суў хожалығы шөлкемлериниң 100 ге шекем қәнигесин оқытыў,
Орайлық Азия мәмлекетлери арасында тәжирийбе алмасыў, кәсиплик компетенцияларды
раўажландырыў ҳәм биргеликте илимий-изертлеўлер алып барыў бағдарламаларын әмелге
асырыў режелестирилген.