Бул баслама баслаўыш билимлендириўдиң сапасын арттырыў, мектеп оқыўшыларының тийкарғы көнликпелерин раўажландырыў ҳәм заманагөй мийнет базарында талап жоқары болған болажақ қәнигелерди таярлаўға қаратылған.

Қаржыландырыў Жәҳән банки топарының бир бөлеги болған Халықаралық раўажланыў ассоциациясының (ХРА) 100 миллион долларлық жеңиллетилген кредити ҳәм Халықаралық билимлендириўди қаржыландырыў қорының (IFFEd) 5 миллион долларлық грантын өз ишине алады. Бул Жәҳән банки ҳәм “IFFEd”тиң биргеликтеги дәслепки жойбары.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан мектеп билимлендириў системасы халық санының жедел өсиўи ҳәм ишки миграция себепли үлкен жүклемени басынан өткермекте. Прогнозларға бола, 2026-жылдың өзинде мектеп оқыўшыларының саны 7,6 миллионнан артады, өсип баратырған талапты қанаатландырыў ушын болса мәмлекетимизде ҳәр жылы 300 ге шамалас жаңа мектеплердиң қурылысы талап етиледи.

Республикада баслаўыш билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 99 проценттен артқанына қарамастан, оқыў ҳәм математика сыяқлы әҳмийетли пәнлерди оқытыў нәтийжелери халықаралық стандартлардан төмен болып қалмақта. Буннан тысқары, оқытыў методикасы ҳәм педагог кадрлар таярлаў системасын және де жетилистириў талап етиледи.

Жәҳән банкиниң Орайлық Азия бойынша регионаллық директоры Наджи Бенхасин баслаўыш класс оқыўшыларының тийкарғы көнликпелерин раўажландырыў инсан капиталын беккемлеў ҳәм мәмлекеттиң турақлы экономикалық өсиўин тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторларынан бири екенин атап өтти.

“BILIM” бағдарламасының улыўма баҳасы 378 миллион долларды қурайды. Оның 273 миллион долларын Өзбекстан ҳүкимети, 100 миллион долларын Жәҳән банкиниң Халықаралық раўажланыў ассоциациясы, және 5 миллион долларын Билимлендириўди қаржыландырыў халықаралық қоры ажыратпақта.

Бағдарлама Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Наўайы, Қашқадәрья, Сурхандәрья ҳәм Хорезм ўәлаятларында әмелге асырылады. Елимиздеги барлық мектеплердиң дерлик 45 проценти усы аймақларға туўра келеди, әйне усы аймақларда билимлендириў инфраструктурасының жетиспеўшилиги ҳәм билимлендириўдиң сапасы менен байланыслы машқалалар сақланып қалмақта.

2030-жылға шекем бағдарламада үш тийкарғы нәтийжеге ерисиў нәзерде тутылған:

50 мың баслаўыш класс муғаллими, мектеп директорлары ҳәм билимлендириў системасы хызметкерлериниң маманлығын арттырыў;

жаңа мектеплер қурыў ҳәм барларын кеңейтиў арқалы қосымша 27 мың оқыўшы орнын жаратыў;

мектеплерди басқарыў ҳәм ресурсларды бөлистириў нәтийжелилигин арттырыў ушын билимлендириў бойынша мағлыўматларды жыйнаў ҳәм таллаў системасын жетилистириў.

Бағдарламаның әмелге асырылыўы 1-4-класслардағы дерлик 2 миллион оқыўшының билимлендириў сапасын жақсылаў имканиятын береди, олардың ярымын қызлар қурайды. Бул узақ мүддетли келешекте баслаўыш класс питкериўшилериниң таярлық дәрежесин арттырып, келешекте сапалы билим алыў ҳәм табыслы жумысқа орналасыў имканиятын кеңейтеди.