Бул ҳаққында Жәҳән банкиниң Халықаралық финанс корпорациясы (IFC) сайтында жәрияланған "Өзбекстанның жеке меншик секторы диагностикасы" есабатында атап өтилген.

Ҳүжжетке муўапық, Өзбекстан жеке меншик капиталды тартыў ҳәм жеке меншик сектор жетекшилик ететуғын және де бәсекиге шыдамлы экономикалық модельге өтиўди жеделлестириў ушын үлкен потенциалға ийе. Инвестицияларды тартыў, жумыс орынларын жаратыў ҳәм зәрүр реформаларды әмелге асырыў имканиятлары бойынша логистика, туризм ҳәм фармацевтика ең перспективалы бағдарлар сыпатында таңлап алынды.

"2017-жылы базар реформалары басланғанынан берли мәмлекет исбилерменлик орталығын жақсылаў ҳәм халықтың дәраматларын көбейтиў есабынан экономиканы трансформациялаўға еристи. Бул пәтти сақлап қалыў ушын тараўдағы реформаларды даўам еттириў, соның ишинде, бәсеки ушын тосқынлықларды сапластырыў, кәсиплик көнликпелерди раўажландырыў, инфраструктура ҳәм тәртипке салыў мәселелерин шешиў зәрүр", делинеди есабатта.

Ҳүжжетте логистика тараўында автомобильде жүк тасыў ҳәм қоймахана инфраструктурасы инвестицияларды тартыў ушын ең үлкен потенциалға ийе екени атап өтилген. Олардың раўажланыўы Өзбекстанның регионаллық саўда ҳәм транзит орайы сыпатындағы, соның ишинде, Транскаспий транспорт коридоры ("Орта коридор") шеңбериндеги рольин беккемлеў имканиятын береди, деп жазады “Interfax.ru”.

Жәҳән банкиниң есап-санақларына бола, жер ажыратыў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, инфраструктура объектлерин қурыўға руқсат алыў ҳәм халықаралық жүк тасыўларға руқсат алыў имканиятларын санластырыў бойынша реформалар тараўға 950 млн-1,05 млрд доллар жеке меншик инвестицияларды тартыў ҳәм 108 мыңға шекем жумыс орнын жаратыў имканиятын береди.

Өзбекстанның туризм тараўы мәдений ҳәм экологиялық туризмди раўажландырыўда үлкен потенциалға ийе.

Жәҳән банкиниң атап өтиўинше, жерди ижараға бериў тараўындағы нызамшылықты жетилистириў, кадрлар таярлаў ҳәм туризм объектлерин басқарыўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў арқалы қосымша 3,1-4,2 миллиард доллар жеке меншик инвестицияларды тартыў мүмкин.

Бул илажлар арқалы 120 мыңнан 180 мыңға шекем жумыс орнын жаратыў, туристлик бағдарларды кеңейтиў ҳәм жоқары қосымша қунлы сегментлерге шет елли мийманларды көбирек тартыў имканияты жаратылады.

Фармацевтика тармағында "генерик" дәри-дәрмақлар ҳәм биологиялық актив қосымшалар ислеп шығарыў инвестиция киргизиў ушын үлкен потенциалға ийе. Ишки ҳәм регионаллық талаптың өсиўи бул бағдарды буннан былай да раўажландырыўға шараят жаратпақта.

Жәҳән банки дәри-дәрмақлардың биоэквивалентлигин үйрениў бойынша аккредитациядан өткен лабораториялар шөлкемлестириў, өндиристи халықаралық стандартларға бейимлестириў, актив фармацевтикалық ингредиентлер бойынша ҳүжжетлерди жетилистириў ҳәм дәри-дәрмақларды дизимнен өткериў тәртибин әпиўайыластырыўды усыныс етпекте.

Бул илажлардың әмелге асырылыўы фармацевтика тараўына 44-188 миллион доллар жеке меншик инвестицияларды тартыў ҳәм орта мүддетли келешекте 20 мыңға шекем тиккелей ҳәм тиккелей емес жумыс орынларын жаратыў имканиятын береди.