Сөйлесиў алдында Ираклий Кобахидзе мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық ҳәм абаданлық, дос Өзбекстан халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Сөйлесиўде Өзбекстан - Грузия стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 2-3-июль күнлери Грузияға мәмлекетлик сапарының жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.