Александр Беглов мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар тиледи.

Сөйлесиўде Өзбекстан аймақларының Санкт-Петербург қаласы менен еки тәреплеме әмелий бирге ислесиўин және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Товар алмасыўды көбейтиў, жаңа кооперациялық жойбарларды алға қойыў, жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўды "жол картасы" тийкарында даўам еттириўге қаратылған қоспа илажларды қабыл етиўге айрықша итибар қаратылды.