Сербия Президенти мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм мәмлекетлик жумысында жаңа табыслар, Өзбекстан халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Көп қырлы Өзбекстан - Сербия қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери додаланды. Өткен жылы октябрь айында Сербия Президентиниң Өзбекстанға сапары жуўмағында ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Саўда-экономикалық, инвестициялық, инфраструктуралық, мәдений-гуманитарлық, туризм ҳәм шөлкемлескен мийнет миграциясы тараўларындағы бирге ислесиўди избе-из раўажландырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Болажақ қоспа илажлар режеси, соның ишинде, Ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилисин өткериў, сондай-ақ, Өзбекстан делегациясының Белградта болып өтетуғын "ЭКСПО-2027" халықаралық көргизбесинде қатнасыўы көрип шығылды.