"Үлгили қәўипсиз көше" ҳәм "үлгили қәўипсиз үй" шөлкемлестирилиўине байланыслы инфраструктуралық талаплар төмендегилер:
түнги ўақытта көшениң халық жасайтуғын ҳәм ҳәрекетленетуғын бөлеги толық жақтыландырылыўы;
туйық көшелер, ишки коридорлар ҳәм халық аз жүретуғын, жынаят ислеў итималы болған қараңғы аймақлардың бираз жақтыландырылыўы;
транспорт қураллары ушын автомобиль турыў орынларының техникалық бақлаў талапларына жуўап бериўи;
көшелерде нызамсыз (жайма) саўда орынларының жумысын тәртипке салыў;
қараўсыз подвал, чердак ҳәм шығындыханалардың болмаўы.
Аўыр мәҳәллелерде "үлгили қәўипсиз көше" ҳәм "үлгили қәўипсиз үй"лер шөлкемлестириў бойынша анық ўазыйпалар ҳәр шеректе ҳәм ҳәр айда мәҳәлле, район ҳәм ўәлаят дәрежесинде ислеп шығылатуғын "жол карталары"на мәнзилли киргизиледи.
"Мәҳәлле жетилиги" тәрепинен "үлгили қәўипсиз көше" ҳәм "үлгили қәўипсиз үй"лердиң басланыў ҳәм жуўмақланыў ноқатларына усы социаллық статусты билдириўши стикерлер орнатылады.









