Өзбекстан және бир халықаралық шәртнамаға қосылды

    "Халықаралық шәртнамаға қосылыў ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-240-санлы, 30.07.2025 ж.) қабыл етилди.

    Қарарға муўапық, Өзбекстан Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлераралық кеңести дүзиў ҳаққындағы келисимге қосылды.

    Бул Келисимге 2013-жыл 25-октябрь күни Минск қаласында қол қойылған.

    Сыртқы ислер министрлиги шәртнаманы әмелге асырыўға жуўапкер болған ўәкилликли уйым ҳаққында тийисли хабарды депозитарийге жибереди.

    Министрлер Кабинети және тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары усы халықаралық шәртнама күшке киргеннен кейин оның қағыйдаларының орынланыўын тәмийинлейди.