баннер
24 Mar 2025
20:55

    Өзбекстан ҳәм Малайзия ҳүкиметлери арасында жынаят ислери бойынша өз-ара ҳуқықый жәрдем ҳаққындағы шәртнама ратификацияланбақта

    Сенаттың төртинши жалпы мәжилисинде көрип шығылған және бир ҳүжжет "Өзбекстан Республикасы менен Малайзия Ҳүкимети арасында жынаят ислери бойынша өз-ара ҳуқықый жәрдем ҳаққындағы Шәртнаманы (Ташкент, 2023-жыл 8-июнь) ратификациялаў ҳаққында"ғы нызам болып есапланады.

    Бул шәртнамада жынаят иси бойынша тергеў ҳәм басқа да процессуал ҳәрекетлерди өткериўге байланыслы ҳуқықый жәрдем көрсетиў тийкарлары ҳәм шәртлери көрсетип өтилмекте. Сондай-ақ, сораўдың түри ҳәм мазмуны, оның орынланыўын тәмийинлеў, ҳуқықый жәрдем көрсетиўден бас тартыў тийкарлары ҳәм шәртнама шеңберинде алынған мағлыўмат ҳәм дәлиллерден пайдаланыўда шеклеўлер менен байланыслы мәселелерге анықлық киргизилмекте.

    Нызам менен ратификацияланып атырған шәртнамада шахслардың мәнзили ямаса олардың шахсына анықлық киргизиў мәселелери белгилеп қойылмақта. Сораған тәреп мүрәжатына бола сораған Тәреп өз нызамшылығы шеңберинде сораўда көрсетилген шахс сораў берилип атырған тәреп аймағында екенлигине жетерли тийкар бар болғанда оны табыў ҳәм де шахсын анықлаўда зәрүр болған барлық илажларды көриўи нәзерде тутылмақта.

    Сенаторлардың пикиринше, нызамның қабыл етилиўи еки мәмлекет ҳуқық қорғаў уйымларының жумысының жынайый ислерди тергеў ҳәм судта көриў даўамында нәтийжелилигин арттырыўға, сондай-ақ, Малайзия ҳүкимети менен жынайый ислер бойынша өз-ара ҳуқықый жәрдем көрсетиўдиң нызамлы тийкарларын беккемлеўге хызмет етеди.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech