баннер
25 Apr 2025
05:32

    БАӘда болып турған өзбекстанлылардың ҳуқықый қорғалыўын күшейтиўге қаратылған ҳүжжет ратификацияланады

    Нызам жойбары менен еки мәмлекет халқының пуқаралық ҳәм экономикалық қатнасықларында пайда болыўы мүмкин болған келиспеўшиликлерди шешиў ҳәм суд ҳүжжетлерин тән алыў сыяқлы мәселелерде ҳуқықый жәрдем көрсетиў тәртиби белгиленбекте.

    Депутатлар 15-апрельдеги Төменги палатаның мәжилисинде "Өзбекстан Республикасы менен Бирлескен Араб Әмирликлери арасында пуқаралық ҳәм экономикалық ислер бойынша ҳуқықый жәрдем көрсетиў ҳаққындағы Келисимди (Ташкент, 2024-жыл 27-сентябрь) ратификациялаў ҳаққында"ғы нызам жойбарын көрип шықты.

    Атап өтилиўинше, бул нызам жойбарында еки мәмлекет арасындағы пуқаралық ҳәм экономикалық ислер бойынша ҳуқықый жәрдем көрсетиўге қаратылған бирге ислесиўди жолға қойыў, бир тәреп пуқараларын басқа тәреп аймағында оның пуқаралары менен бирдей ҳуқықый қорғаўға ийе болыўы, пуқаралық ҳәм экономикалық мәселелерде суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларына усы тәреп пуқаралары ушын белгиленген шәртлерде мүрәжат етиў ҳуқықын тәмийинлеў нәзерде тутылмақта.

    Сондай-ақ, еки мәмлекет халқының пуқаралық ҳәм экономикалық қатнасықларында жүзеге келиўи мүмкин болған келиспеўшиликлерди шешиў ҳәм суд ҳүжжетлерин тән алыў сыяқлы мәселелерде ҳуқықый жәрдем көрсетиў тәртиби белгиленбекте.

    Бул Келисим Өзбекстан менен Бирлескен Араб Әмирликлери арасындағы пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, еки мәмлекет арасындағы пуқаралық ҳәм экономикалық ислер бойынша өз-ара ҳуқықый жәрдем көрсетиў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўға хызмет етеди.

    Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech