1-июньнан Қытайға визасыз кириў режими енгизиледи

    Өзбекстан ҳәм Қытай арасында өз-ара визадан азат етиў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық Келисим (Ченду, 2024-жыл 1-декабрь) күшке кириўи ушын мәмлекет ишки тәртип-қағыйдалары жуўмақланды.

    Сыртқы ислер министрлигиниң мәлим етиўинше, көрсетилген халықаралық шәртнаманың қағыйдаларына муўапық, Келисим 2025-жыл 1-июньнен күшке киреди.

    Келисим Өзбекстан ҳәм Қытай пуқараларының еки мәмлекет аймағына өз-ара визасыз барыўларына байланыслы мәселелерди тәртипке салады.

    Келисимге муўапық, Тәреплер мәмлекетлериниң пуқаралары еки мәмлекет аймақларына кириў, оннан шығыў ямаса транзит өтиў ушын ҳәр бир өз алдына болыў мүддети 30 күннен аспаған мүддетке ҳәм ҳәр қандай 180 күнлик дәўир ишинде жәми 90 күннен аспаған мүддетке виза талапларынан азат етиледи.

    Онда мәмлекет аймағына ҳәр бир кириў ҳәм болыў мүддети 30 күннен аспаўы керек.

    Егер пуқаралар 30 күннен артық қалыўы керек болса, олар кириў визасын алдыннан алыўы керек.

    Визасыз режим мийнет етиў, оқыў ҳәм медиа жумысы менен шуғылланыў, сондай-ақ, басқа Тәреп ўәкилликли уйымларының алдын ала разылығын талап ететуғын басқа түрдеги жумыс пенен шуғылланыўға қолланылмайды.

    Мағлыўмат ушын, көрсетилген Келисим ҚХРдың Гонгконг ҳәм Макао арнаўлы ҳәкимшилик аймақларына барыўға байланыслы қолланылмайды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates