Бул сәнени пүткил халқымыз өзгеше көтериңки кейпиятта күтип алыўы бийкарға емес. Себеби, ғәрезсизлик ийгиликли дәстүрлеримизге, сезимлеримизге йош бағышлайды. Ўатанның қәдир-қымбатын және де терең аңлаўға ийтермелейди.

Ғәрезсизлик себепли еркин, абадан жәмийет, демократиялық мәмлекет қурыў жолында исенимли қәдем таслап баратырған елимизде өткен жылларда турмысымыздың барлық тараўында әсирге татырлық өзгерислер жүз бермекте. Оны жәмийеттиң барлық тараў ҳәм тармақларындағы әҳмийетли көрсеткишлер, өзгерислер мысалында айқын сезип турмыз.

Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мине усындай әҳмийетли бағдарлардан бири. Әсиресе, кейинги сегиз жылдағы избе-из реформалар нәтийжесинде бул система үлкен өзгерислер, жаңаланыўларға ушырады. Социаллық мәмлекет статусын алған жаңа Өзбекстанымызда бул тараўда системалы илажлар көрилмекте.

Атап айтқанда, исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў арқалы жумыссызлықты азайтыў, шаңарақлардың абаданлығын арттырыў бойынша көплеген әмелий жумыслар орынланбақта. Соның ишинде, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары тараўына байланыслы ҳуқықый тийкарлар заман талабынан келип шығып жетилистирилмекте.

Соның ишинде, мәмлекет пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды жумыссызлықтан қорғаў, сондай-ақ, кәмбағаллықты қысқартыў илажларын көриўи жаңа редакциядағы Конституциямызда беккемлеп қойылды.

Усы илажлар нәтийжесинде Өзбекстанда мийнетке жарамлы халық арасында жумыссызлық дәрежеси 2020-жылдағы 10,5 проценттен 2025-жылдың биринши ярымында 5,1 процентке шекем төменледи.

Ҳәзирги ўақытта 2030-жылға шекем жумыссызлықты халықаралық тән алынған дәреже - 5-6 проценттен арттырмаў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынып, усы тийкарда жумыслар орынланбақта. Бүгинги геосиясий өзгерислер, өз-ара исеним кризиси жүз берип атырған қыйын бир дәўирде бундай мақсет ҳәм режелерди әмелге асырыў аңсат емес. Бирақ инсан қәдири ҳәмме нәрседен үстин қойылған жаңа Өзбекстанда бул бағдарда қатаң сиясий ерк-ықрар қәлиплескени, әмелий жумыслар системалы тийкарда шөлкемлестирилип атырғаны әҳмийетли нәтийжелерге тийкар жаратпақта.

Атап айтқанда, ҳәр бир мәҳәлле бойынша мақсетли көрсеткишлер белгиленди. Халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған "мәҳәлле жойбары" бағдарламасы шеңберинде ажыратылған кредит ресурслары банклер ҳәм аймақлар кесиминде бөлистирилди. Жойбарды ислеп шығыў, кредит ажыратыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша районлық банк басшысына айма-ай нәтийжелилик көрсеткиши қойылды.

Улыўма алғанда, 2025-жыл бәнтликти тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты азайтыўда ең әҳмийетли ҳәм шешиўши жыл болыўы белгиленип, усы мақсетте үлкен-үлкен жойбарлар турмысқа енгизилмекте. Атап айтқанда, усы жылы 5 миллион 200 мың адамды бәнт етип, 1,5 миллион адамды кәмбағаллықтан шығарыў, 42 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартып, экспортты 30 миллиард доллардан арттырыў есап-санақ етилген.

Бул бағдарда усы жылдың өткен дәўиринде Ташкент ўәлаятында да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Халыққа қолайлы шараят жаратыў, инфраструктура объектлерин қурыў ҳәм оңлаў бойынша бюджеттен ажыратылған қаржыдан пайдаланыў бойынша барлық илажлар анық белгилеп берилгени жумысымызды избе-из ҳәм нәтийжели шөлкемлестириўде тийкарғы бағдарлама болмақта.

Усы тийкарда усы жылдың өткен дәўиринде 7590 кәмбағал шаңараққа 1518 басшы хызметкер бириктирилип, 6 ай бул шаңарақлардың дәраматын тиклеў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыў илажлары көрилди. 38 мың 194 шаңарақ "Кәмбағал шаңарақлар реестри"не киргизилип, 3 категорияға ажыратылды ҳәм сол тийкарда олар менен исленбекте. Бул шаңарақларға индивидуал режелер тийкарында 148 мың хызмет ҳәм жәрдем түри көрсетилди. Нәтийжеде шаңарақлар турақлы дәрамат дәрегине ийе болды. Жумыссызлар мийнет базарында талап жоқары кәсиплерге оқытылды. Социаллық қорғаў ҳәм медициналық жәрдемге мүтәжлерге тийисли тәртипте жәрдем берилди. 400 шаңарақтың турақ жайы оңланды.

Мәмлекетимизде жүргизилип атырған бәнтлик сиясатының тийкарғы бағдары тек ғана адамларды жумыслы етиў емес. Шаңарақлардың абаданлығын турақлы арттырып барыў, дәраматын көбейтиў, әпиўайы етип айтқанда, халқымызды бай етиўдей ийгиликли мақсетти гөзлегенбиз. Халқы өзине тоқ болған мәмлекеттиң қүдирети де жоқары болады. Буны раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесинде көрип турмыз.

Бул мақсетке ерисиў ушын халыққа исбилерменлик жолын терең үйретиў, ҳәр бир имканияттан үнемли пайдаланыў арқалы дәраматын көбейтиў илажлары көрилмекте. Атап айтқанда, шаңарақлардың жыллық дәраматын 60-70 миллион сумға жеткериў мақсетинде халыққа "жойбар пакетлери" жеткерип берилмекте. Мысал ушын, Аққорған районындағы Ҳамид Олимжон мәҳәллесинде жасайтуғын 12 адамға 325 миллион сумлық кредит ажыратылып, аймақтан ағып өтетуғын изейкеште үйрек бағыў жолға қойылды.

Усы тәризде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы илажлар да системалы жолға қойылған. Соның ишинде, бул бағдарда шаңарақлық исбилерменлик, киши бизнести қоллап-қуўатлаў, "Бизнеске биринши қәдем", "Мәҳәлле жойбары" сыяқлы бағдарламалар шеңбериндеги жумыслар күтилген нәтийжени бермекте. Усы жылдың өткен дәўиринде бул бағдарламалар шеңберинде 982 миллиард сумлық кредит есабынан 31,8 мыңнан аслам адамның бәнтлиги тәмийинленди. Бул 2024-жылдың сәйкес дәўири менен салыстырғанда, 217 процентке көп дегени.

Аўыл халқын жумыс пенен тәмийинлеўде "Бир контур - бир өним" принципи тийкарында исленип атырған жумыслар нәтийже бермекте. Бул бағдарда усы жылдың өткен дәўиринде 970 гектар жерде 91 үлги жойбарын әмелге асырыў ушын 82 агрегатор тартылды. Нәтийжеде 2463 дийқан хожалығы шөлкемлестирилип, халықтың дәраматы арттырылды. Аўыр категорияға киргизилген 100 мәҳәлледеги 83 суўғарыў жойбарының жуўмақланыўы нәтийжесинде 23 мың шаңарақта қыйтақ жерден толық пайдаланыўға ерисилди.

Улыўма, бул бағдардағы жумыслардың нәтийжесинде дәрамат салығын төлеўши хызметкерлер, жеке тәртиптеги исбилерменлер, дийқан хожалығы ҳәм өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар 2024-жылға салыстырғанда 184,1 мыңға көбейип, 1 миллион 216,7 мыңға жетти. Соның менен бирге, усы жылдың 6 айында ўәлаятымызда 323,1 мың адамның бәнтлиги тәмийинленип, жумыссызлық дәрежеси жыл басындағы 5,7 проценттен 5,1 процентке түсти. 22,4 мың шаңарақ кәмбағаллықтан шығарылып, кәмбағаллық дәрежеси 8 проценттен 6 процентке азайды.

Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы жумыслар избе-из даўам етпекте. Жылдың ақырына шекем әмелге асырылыўы керек болған анық механизм, қаржы ресурслары ҳәм жойбарлар белгилеп алынған. Атап айтқанда, "Кәмбағаллықтан - абаданлыққа қарай" бағдарламасы шеңберинде 25,3 мың шаңарақ кәмбағаллықтан шығарылады. Бәнтлик бағдарламасына тийкарланып инвестициялық жойбарлар, исбилерменлик, аўыл хожалығы ҳәм қурылыс тараўында турақлы жумыс орынлары ашылып, 412 мың адамның бәнтлиги тәмийинленеди.

Шараяты аўыр мәҳәллелердеги суўғарыў қудықлары ҳәм насосларына қуяш панеллери орнатылады. 93 мәҳәлледе электр энергиясы тәмийнаты, 86 мәҳәлледе ишки жолларды қурыў жойбарлары жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылады.

Буннан тысқары, 90 мәҳәлле санаат, 318 и хызмет көрсетиў, 476 сы аўыл хожалығы, 272 си басқа бағдарларға қәнигелестириледи. Аҳангаран, Қибрай, Ташкент, Чиназ, Янгийўл, Аққорған, Зәңгиата, Орта Шыршық ҳәм Пискент районларындағы мәҳәллелердиң 56 сын лимон жетистириўге, 46 сын жүзимгершиликке, 18 ин малина жетистириўге, 10 ын капуста ҳәм болгар бурышы жетистириўге және 12 син нәл жетистириўге қәнигелестириў илажлары көриледи. 500 доллардан аз дәрамат алатуғын мигрантлар мәмлекетке қайтарылып, турақлы жумыс орынлары ҳәм исбилерменлик тараўларында бәнтлиги тәмийинленеди.

Мине усындай кең көлемли илажлар есабынан жылдың ақырына шекем кәмбағаллық ҳәм жумыссызлық дәрежесин және де қысқартыўға ерисиледи. 10 район ҳәм қала кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықтан аўлақ аймаққа айланады.

Зиёдбек ЙУЛДОШЕВ,

Ташкент ўәлаяты кәмбағаллықты қысқартыў

ҳәм бәнтлик бас басқармасы баслығы