Илажда видеоконференцбайланыс арқалы орынлардағы студиялардан 500 ден аслам исбилермен, қурылысшы, дизайнер, архитектор ҳәм қала қурылысшылары қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы барлық тармақ ҳәм аймақларда жоқары экономикалық өсиўди тәмийинлеў бойынша белгиленген үлкен шеклерге ерисиўде қурылыс тараўының орны айрықша екенин атап өтти. Үйрениўлерге бола, қурылысқа киргизилген ҳәр бир доллар экономика ушын қосымша 2-3 доллар, бул тармақта жаратылған бир жумыс орны болса басқа тармақларда 5 ке шамалас жаңа жумыс орнын жаратыў имканиятына ийе.
Соңғы тоғыз жылда елимизде дерлик 10 мың жаңа қурылыс кәрханасы жумыс баслады. Айланысы 1 триллион сумнан аслам 20 ҳәм 100 миллиард сумнан аслам 365 ири компания шөлкемлестирилди. Жойбарлаў шөлкемлериниң саны 2 мыңнан асты, олардың 650 ден асламына халықаралық сертификатлар берилди.
Бул дәўирде қурылыс тараўында рухсатнама бериў басқышлары 3 есеге, мүддетлери болса 4 есеге қысқарды. 420 қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдалары унификацияланып, ескилери бийкар етилди ҳәм 140 жаңасы тастыйықланды.
Нәтийжеде өткен жыллар даўамында 210 миллион квадрат метр имарат ҳәм объектлер, 647 мың квартиралы 15 мыңнан аслам көп қабатлы турақ жайлар қурылды. Қурылыс жумысларының көлеми 2016-жылдағы 30 триллион сумнан өткен жылы 314 триллион сумға артқан. Бүгинги күнде қурылыс, қурылыс материаллары ҳәм түрлес тармақларда 3,5 миллион халық бәнт.
Атап өтилгениндей, ҳәр жылы исбилерменлик жумысын әмелге асырыў ушын 6,5 мың гектар жер майданы, 600 мың квадрат метр имарат ҳәм объектлер саўдаға шығарылып, киши ҳәм орта бизнес ушын 140 триллион сум ресурс ажыратылмақта. Бирақ, жер ҳәм кредит алыў мәселелери шешилгенине қарамастан, исбилерменлер айлар ҳәм жылларға созылып атырған қурылысты баслаўда ҳәр қыйлы тосқынлықларға дус келмекте.
Мәжилисте урбанизация мәселесине айрықша итибар қаратылды. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз халқы 38 миллионнан аслам, урбанизация дәрежеси 51 процентке жеткен, дерлик 20 миллион халық қалаларда жасайды. Мәмлекетимиз басшысы урбанизация дәрежесиниң ҳәр 1 процентке өсиўи экономикаға кеминде 1 процент қосымша өсиў алып келетуғынын, инвестиция ағымлары, исбилерменлик ҳәм стартап белсендилиги, мийнет өнимдарлығы да соған сәйкес артып атырғанын атап өтти. Соның ушын урбанизацияны турақлы раўажландырыўда бирден-бир көзқарас зәрүрлиги атап өтилди.
Атап өтилгениндей, бас режелерди ислеп шығыў ушын бюджеттен ҳәр жылы 200-250 миллиард сум ажыратылмақта. Бул қаржылар, биринши гезекте, бас режелер жоқ ямаса ескирген аймақларға қаратылыўы керек. Бүгинги күнде киши қала ҳәм посёлкаларда да ири жойбарларды әмелге асырыўды қәлеўши исбилерменлер көп, бирақ қала қурылысы ҳүжжетлери жоқлығы себепли олардың жумысы тоқтап қалмақта.
Ўәлаят ҳәкимлери ҳәм Урбанизация бойынша миллий комитетине усы жылдың өзинде бюджет қаржылары есабынан 6 қала ҳәм 44 посёлка бас режесин, 104 аўылдың мастер режесин ислеп шығыўды жуўмақлаў, интакер исбилерменлер менен бирге және 50 елатлы пункттиң қала қурылысы ҳүжжетлерин ислеп шығыўды баслаў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәжилисте атап өтилгениндей, 2025-жылы жерлерди меншиклестириў бойынша берилген 112 мың арзаның 14 проценти бас режеси жоқ деген сылтаў менен бийкар етилген, нәтийжеде 4 мың гектар жерди активке айландырыў имканияты ҳәм бюджетке 550 миллиард сум түсим қолдан кеткен. Сол себепли үш ай мүддетте жерлерди меншиклестириў бойынша арзаларға инсан қатнасыўысыз, онлайн режимде 5-10 минут ишинде жуўап беретуғын системаға өтиў ўазыйпасы қойылды.
Соның менен бирге, бас режелерди тастыйықлаў менен шекленип қалыўға болмайтуғыны атап өтилди. Оларда ишимлик суўы, канализация, ыссылық, газ, электр тармақлары ҳәм жоллардың қурылысы қашан, қайсы гезекте ҳәм қайсы дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны анық көрсетилмегени сынға алынды. Ҳәр бир тастыйықланған бас режениң орынланыўы бойынша жыллар кесиминде комплексли бағдарламалар ислеп шығылып, халық, исбилерменлер ҳәм жуўапкерлерге жеткерилиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен ҳәр бир ўәлаят ҳәкимине еки ай мүддетте ўәлаят ҳәм район орайларының тастыйықланған бас режелерин әмелге асырыў бойынша комплексли бағдарламалар ислеп шығыў тапсырылды. Оларда нәзерде тутылған илажлардың қаншасы республикалық ҳәм жергиликли бюджетлерден, қаншасы халықаралық финанс шөлкемлериниң қаржылары есабынан қаржыландырылатуғынын анық белгилеў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, жер ҳәм обектлерди экономикалық жумысқа тартыў бағдарында да үлкен кемшиликлер бар екенлиги атап өтилди. Соңғы төрт жылда аукционда сатылған 11 мың 500 гектар жердиң 3 мың гектарында қурылыс басланбаған. Сондай-ақ, аукционға шығарылған 582 гектар жер майданы ҳәм 122 мәмлекетлик объект жыл даўамында сатылмаған.
Меншиклестириў бағдарламасын қәлиплестириўде де, объектлерди сатыўда да ҳәкимлердиң орны сезилмей атырғаны, исбилерменлердиң пикирлери үйренилмей атырғаны сынға алынды. Ҳәр қандай объектти сатыўда ўәлаятқа инвестиция алып келиў, мәҳәлледе жаңа жумыс орынларын жаратыў биринши орында болыўы керек екенлиги атап өтилди.
Соннан келип шығып, ҳәкимлер Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен бирге объектлерди меншиклестириў бағдарламасына киргизиў, сатыў ҳәм инвестициялардың нәтийжелилигин тәмийинлеўге жуўапкер болатуғыны белгиленди. Сондай-ақ, бөлип-бөлип төлеў шәрти менен сатылған объектлердиң қалдығына 14 проценттен қосыў әмелияты бийкар етиледи.
Мәжилисте қурылыс тараўында рухсат бериў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў мәселеси додаланды. Өткен жылы қурылыс пенен байланыслы 2 миллион 600 мыңнан аслам мүрәжаттың үштен бир бөлегинен көби бийкар етилгени, көпшилик жағдайларда бул коррупция ҳәм бюрократиялық тосқынлықлар менен байланыслы екени атап өтилди. Мәмлекетимиз басшысы бундай машқалаларды шешиўдиң ең нәтийжели жолы санластырыў ҳәм жасалма интеллектти кеңнен енгизиў екенин атап өтти.
Әмелдеги системада халық ҳәм исбилерменлер дәслеп жойбарластырыў ушын рухсатнаманы рәсмийлестириўге, кейин архитектуралық-қала қурылысы тапсырмасын ислеп шығыўға өз алдына арза берип, айлап ўақыт өткермекте. Ташкент қаласында бул еки хызметти бир басқышта көрсетиў тәжирийбеси жолға қойылып, ҳүжжетлерди келисиў ўақты 3-4 есеге қысқарды. Бул тәжирийбени 1-июльден баслап барлық аймақларда енгизиў бойынша тапсырма берилди.
Пуқаралар коммуналлық тармақларға жалғаныў ушын техникалық шәртлерди алыўда да ҳәр бир уйымға өз алдына мүрәжат етиўине туўра келмекте. 1-июльден баслап, электр, газ, суў ҳәм канализация тармақлары ушын техникалық шәртлерди бир мәрте арза ҳәм бир мәрте төлем тийкарында алыў имканияты енгизиледи.
Олардың және бир себеби сыпатында орынларда қала қурылысы кеңеси қурамына киретуғын 26 уйым арасында өз-ара бирге ислесиў ҳәм муўапықласыўдың жоқ екенлиги атап өтилди. Соның ушын енди қала қурылысы кеңесине Ташкент қаласы ҳәм ўәлаят ҳәкимлериниң өзи басшылық етиўи, исбилерменлердиң мәселелери ақырғы шешим табыўын тәмийинлейтуғын система енгизилетуғыны белгиленди.
Жуўапкерлерге үш ай мүддетте қурылысқа рухсат алыўдан баслап, объектти пайдаланыўға тапсырыўға шекемги барлық процесслерди терең таллап, талаплар, мүддетлер ҳәм төлемлерди кеминде еки есеге қысқартыў бойынша қарар жойбарын киргизиў тапсырылды.
Қурылыс сапасы ҳәм қадағалаў мәселелери де сын көзқарастан көрип шығылды. Өткен жылы қурылыс объектлеринде жойбарлаўшы шөлкемлер ҳәм буйыртпашылардың қадағалаўшылары тәрепинен 42 мың, қурылыс инспекциясы тәрепинен 250 мыңнан аслам кемшиликлер анықланған. Буның себеплеринен бири жойбарлаўшы ҳәм буйыртпашылардың авторлық ҳәм техникалық қадағалаўды әмелге асырыўға қызығыўшылығының төмен екенлиги атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен быйыл 1-июньнен баслап, мәмлекетлик буйыртпашылардың жумысы толық КPI тийкарында баҳаланатуғыны, хызметкерлердиң мийнет ҳақысы 3 есеге арттырылатуғыны белгиленди. Жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шыққаны ушын обект баҳасының 5 процентине шекемги муғдарда ҳақы төленеди, авторлық қадағалаў ушын болса өз алдына шәртнама тийкарында ҳақы төленеди. Соның менен бирге, техникалық ямаса авторлық қадағалаў хызметлери жуўапкер болған объектлерде қопал нызамбузыўшылықлар анықланған жағдайда тек ғана жумысты бөлип алып ислеўши емес, ал қадағалаўшыларға да қатаң шара көриледи ҳәм жойбарлаўшының "Шаффоф қурилиш" системасындағы рейтинги төменлетиледи.
Мәжилисте халықаралық финанс шөлкемлериниң қатнасыўында әмелге асырылып атырған инфраструктуралық жойбарларға да тоқтап өтилди. Ҳәзирги ўақытта бул тараўда баҳасы 20 миллиард доллардан аслам жойбарлар әмелге асырылмақта. Министрликлер ҳәм уйымлар сыпатында жуўапкерлер ҳәм буйыртпашылар мәмлекетимиз бенен сөйлесиўлерде жергиликли қурылыс компанияларының имканиятларын жетерли дәрежеде үгит-нәсиятламап атырғаны сынға алынды.
Халықты турақ жай менен тәмийинлеў турақлы итибарда болыўы керек екенлиги атап өтилди. Кейинги жылларда 56 "Жаңа Өзбекстан" массивиниң инфраструктурасына 4 триллион 100 миллиард сум қаратылған болса, усы жылы бул мақсетлер ушын және 1 триллион 400 миллиард сум ажыратылыўы режелестирилген.
Жуўапкерлер ҳәм ҳәкимлер усы жылы "Жаңа Өзбекстан" массивлериндеги 34 мың квартираны пайдаланыўға тапсырыўы шәрт екенлиги атап өтилди. Қурылысы даўам етип атырған массивлерди кеңейтиўге соль аймақтағы квартиралардың кеминде 85 проценти өз ийелерине тапсырылғаннан соң ғана руқсат берилетуғыны белгиленди.
Улыўма етип айтқанда, усы жылы аймақларда 140 мың квартиралы турақ жайларды пайдаланыўға тапсырыў зәрүрлиги атап өтилди. Онда реновацияға айрықша итибар қаратыў керек.
Мәжилисте тараў ушын кадрлар таярлаў ҳәм креатив орталықты раўажландырыў мәселелерине итибар қаратылды. Ташкент қаласында архитекторлар, жойбарлаўшылар ҳәм урбанизация тараўы қәнигелери ушын дәслепки креатив бағды шөлкемлестириў, кейин ала бундай бағларды аймақларда да шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди. Буннан тысқары, келеси оқыў жылынан урбанизация, кадастр ҳәм геодезия тараўларында қәнигелер таярлайтуғын өзин-өзи қаржыландыратуғын жоқары билимлендириў мәкемесин иске қосыў режелестирилген. Оның қурамында орта буўын қәнигелерин таярлайтуғын техникум да шөлкемлестириледи.
Соңында Президентимиз тараў ҳәм аймақлар басшыларының есабатларын, қурылыс тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлердиң пикир-усынысларын тыңлады.