Арк қорғаны Бухараның әййемги қаласы болып, дерлик бир ярым мың жыл даўамында ҳүкимдарлардың резиденциясы сыпатында хызмет еткен. Оның дәслепки имаратлары бизиң эрамызға шекемги IV-III әсирлерге тийисли болып, ҳәзирги көриниси тийкарынан XVI әсирде қәлиплескен. Өтмиште бул әмелде "қала ишиндеги қала" болып, оған сарайлар, ҳәкимшилик имаратлар, арсенал кирген. Орта әсирлерде бул жерде Рудакий, Ибн Сино, кейин ала Омар Ҳайям сыяқлы уллы ойшыллар жасағаны ҳәм дөретиўшилик еткенлиги атап өтилди.

Пойи Калон ансамбли Бухараның ең саўлатлы ҳәм белгили архитектуралық комплекслеринен бири сыпатында үлкен қызығыўшылық оятады. Оның қурамында 1127-жылы қурылған, бийиклиги 45,6 метр болған белгили минара, 1514-жылы қурылған, бир ўақыттың өзинде 12 мың адамды өз ишине сыйдыра алатуғын жомъе мешити, ең абырайлы ислам билимлендириў мәкемелеринен бири есапланған Мир Араб медресеси бар. Мешит ҳәўлисин қоршап турған гүмбезли галерея, жүзлеген бағаналар ҳәм өзине тән акустикалық ансамблге айрықша саўлат бағышлайды.

Лаби ҳәўиз ансамбли - Бухараның сақланып қалған аз санлы орта әсир майданларынан бири болып, онин орайында әййемги суў бассейни жайласқан. Бул жерде әсирлер даўамында қала халқы дем алған, сәўбетлесиў ҳәм саўда-сатық әмелге асырылған. Ансамбль қурамына Көкелдаш медресеси, Надир дийўанбеги медресеси ҳәм ханқасы киреди.

Тәжикстан жетекшиси ҳәр бир естеликтиң көркем үйлесимлилигин, миллий өнерментшилик үлгилери ҳәм тарийхый экспонатларды үлкен қызығыўшылық пенен көзден өткерди. Жоқары мәртебели мийманға архитектуралық усылдың өзине тән өзгешеликлери, нағыс ҳәм белгилердиң мазмун-мәниси ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Бухараның бай тарийхы, Уллы жипек жолындағы орны, илим ҳәм мәденияттың раўажланыўына қосқан үлкен үлеси ҳаққында сөз ететуғын бул қутлы орынлар Тәжикстан делегациясында терең тәсир қалдырды.