"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты ҳәм Наўайы ўәлаятының арқа аймақларында жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Бухара ўәлаятында ҳәм Наўайы ўәлаятының қубла бөлиминде тийкарғы жаўын-шашын 1-майда болады, 2-3-майда айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын-шашын болыўы мүмкин.

1-майда республиканың айрым аймақларында самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи күтиледи, айырым жерлерде шаң-тозаң болыўы мүмкин.

Ҳаўаның температурасы бүгин күндиз 27-30 дәреже ыссы, дем алыс күнлери 22-25 дәрежеге шекем төменлеўи күтилмекте. Арқа-батыс районларда ең салқын күн 1-май болады - температура 20-23 дәреже әтирапында болады, бирақ екшемби күни ҳаўа 27-30 дәрежеге шекем ыссылайды.

Елимиздиң таў алды ҳәм таўлы аймақларында 1-3-май күнлери ўақты-ўақты менен жаўын жаўып, гүлдирмама болады. Сел ҳәм тасқынлар жүз бериўи мүмкин.

Бүгин күнниң екинши ярымында Ташкент қаласында қысқа мүддетли жаўын жаўыўы күтилмекте, гүлдирмама болыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 28-30 дәреже ыссы болады.

Шемби ҳәм екшемби күнлери пайтахтымызда ўақты-ўақты менен жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы күтиледи. Ҳаўаның температурасы түнде 13-15гр жыллы, күндиз 22-24гр жыллы.

Сондай-ақ, 1-2-май күнлери Ташкентте самалдың тезлиги 10-12 м/с қа шекем күшейиўи, бүгин күндиз қаланың айырым аймақларында шаң-тозаң болыўы мүмкин.