Додалаўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң экология мәселелери бойынша кеңесгөйи - Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң баслығы Азиз Абдуҳакимов, Қазақстан Республикасы экология ҳәм тәбийғый ресурслар министри Ерлан Нысанбаев, Қытай Халық Республикасы экология ҳәм қоршаған орталық министри Хуан Жуньцю, Түркменстан қоршаған орталықты қорғаў министри Овегелди Гошжанов, Қырғызстан Республикасы айрықша жағдайлар министриниң биринши орынбасары Ақылбек Мазарипов, Тәжикстан Республикасы Ҳүкимети жанындағы Тоғай хожалығы агентлиги директорының орынбасары Давлатли Шарифзода, халықаралық институтлар ҳәм илимий топарлардың ўәкиллери қатнасты.

Спикерлер тоғайларды қайта тиклеў, климат өзгерислерине бейимлесиў ҳәм тәбийғый ресурсларды турақлы басқарыў бойынша миллий стратегияларды таныстырып, өз мәмлекетлериниң "Орайлық Азия жасыл қалқаны" регионаллық басламасын қәлиплестириўге қосып атырған үлесин атап өтти. Шаң боранлары, топырақ деградациясы ҳәм шөллениўдиң және де кеңейиўиниң алдын алыўға қаратылған қорғаў тоғайлары, жасыл тосықлар ҳәм трансшегаралық экологиялық коридорлардың бирден-бир системасын жаратыўға айрықша итибар қаратылды.

Азиз Абдуҳакимов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде тоғайларды тиклеў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў бүгинги күнде тек ғана экологиялық ўазыйпа емес, ал регион мәмлекетлериниң турақлы раўажланыўы ҳәм абаданлығына тиккелей байланыслы стратегиялық әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Оның атап өтиўинше, БМШ Бас Ассамблеясының 2027-2036-жылларды Тоғайзарластырыў ҳәм тоғайларды тиклеў бойынша ҳәрекетлер он жыллығы деп жәриялаў ҳаққындағы резолюциясының қабыл етилиўи глобал, регионаллық ҳәм миллий дәрежедеги ҳәрекетлерди бирлестириў зәрүрлигин тастыйықлайды.

А.Абдуҳакимов Арал машқаласына айрықша итибар қаратып, оны Орайлық Азиядағы экологиялық апачылық ҳәм шөллениўдиң ең айқын мысалы, деп атаған. Ҳәзирги ўақытта Арал теңизиниң қурыған түбинде 2 миллион гектар майданда кең көлемли тоғай-мелиорация жумыслары әмелге асырылғаны, қорғаў тоғайлықлары жаратылғаны, мәдений-экологиялық басламалар, соның ишинде, Нөкисте Климат өзгериўи музейин шөлкемлестириў жумыслары раўажландырылып атырғаны атап өтилди. Буннан тысқары, Green University тийкарында қытайлы ҳәм халықаралық шериклер менен биргеликте инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм "Қытай технологиялары + Орайлық Азия әмелий шешимлери" моделин алға қойыў ушын платформа болатуғын Шөллениўге қарсы гүресиў ҳәм шөл экономикасын раўажландырыў бойынша Орайлық Азия регионаллық илимий-изертлеў орайы шөлкемлестирилди.

Сессия даўамында қатнасыўшылар "Орайлық Азияның жасыл қалқаны" регионаллық системасы концепциясы (2026-2035-жыллар), мәмлекетлераралық бирге ислесиў механизмлери, жерлерди тиклеў бойынша ең жақсы тәжирийбелерди алмасыў ҳәм биргеликтеги трансшегаралық инвестициялық бағдарламаларды әмелге асырыў перспективаларын додалады. Бул баслама пүткил регионның экологиялық қәўипсизлигин беккемлеў ушын узақ мүддетли платформа болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Илаж жуўмағында регион мәмлекетлериниң климат турақлылығын арттырыў, деградацияға ушыраған жерлерди тиклеў ҳәм Орайлық Азияның экологиялық қәўипсиз келешегин қәлиплестириўге қаратылған кең көлемли жасыл тосқынлықлар системасын жаратыўда ҳәрекетлерди бирлестириўге болған сиясий ерк-ықрарын беккемлеген "Орайлық Азия жасыл қалқаны" резолюциясына қол қойылды.