Мәмлекетимизде санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллектти енгизиў арқалы экономикалық өсиўди жеделлестириў ҳәм халықтың турмыс сапасын арттырыўға қаратылған системалы жумыслар алып барылмақта.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясына муўапық, IТ-хызметлер ҳәм программалық өнимлер экспортын 5 миллиард долларға жеткериў, тармақта 300 мың жастың бәнтлигин тәмийинлеў, мәмлекетимизди БМШтың Электрон ҳүкимет индексинде дүньяның 30 жетекши мәмлекетлери қатарына киргизиў тийкарғы ўазыйпалар етип белгиленген.
Кейинги жылларда санластырыўдың мәмлекетимиз экономикасына тәсири сезилерли дәрежеде артты. Соңғы бес жылда тармақта жалпы қосымша қун орташа 24,8 процентке өсип, жалпы ишки өнимниң өсиў пәтинен 3,5 есеге артты. Мәлимлеме ҳәм байланыс тараўында бәнт болғанлардың саны 2017-жылдағы 64,3 мың адамнан 108,8 мыңға, өзин-өзи бәнт еткенлердиң саны болса 10 мыңнан 181 мыңға жетти. Бүгинги күнде тараўда 11,9 мыңнан аслам кәрхана жумыс алып бармақта, соннан дерлик 1,4 мыңы сырт ел капиталының қатнасыўында шөлкемлестирилген.
Соның менен бирге, ЖИ тараўында 100 ге шамалас әмелий жойбарлар әмелге асырылмақта ҳәм 200 ден аслам тәжирийбе-сынақ басламалары баслап жиберилген. Атап айтқанда, Алмалық кән-металлургия комбинатының 3-мыс байытыў фабрикасында жасалма интеллект жәрдеминде реал ўақыт режиминде өндирис шынжырын таллаў системасының енгизилиўи есабынан энергия жумсалыўы 10 процентке, өзине түсер баҳасы 15 процентке азайып, мийнет өнимдарлығы 10 процентке артты.
Бундай жойбарлардың нәтийжелилигин тәмийинлеў мақсетинде 24 миллион доллар есабынан "GPU-кластер" менен үскенеленген жасалма интеллект инфраструктурасы жаратылды. Жылдың ақырына шекем есаплаў қуўатлылықларын кеңейтиў ушын қосымша түрде және 45 миллион долларлық үскенелер иске қосылыўы режелестирилген. Енди бул инфраструктурадан дурыс ҳәм нәтийжели пайдаланыў, оны экономика тармақларында анық нәтийжелерди тәмийинлейтуғын қарарлар менен байланыстырыў үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Презентацияда денсаўлықты сақлаў, енергетика, транспорт, бажыхана ҳәм салық системасы, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўлардағы 130 дан аслам мағлыўматлар базасын системаластырыў ҳәм олар менен ислесиў орталығын қәлиплестириў, жасалма интеллект моделлерин енгизиў режелери көрип шығылды. Бул мәмлекетлик хызметлер көлемин кеңейтиў, мәмлекетлик басқарыўда таллаў ҳәм қарар қабыл етиўдиң сапасын арттырыў, экономика тармақларында қәрежетлерди қысқартыў ҳәм нәтийжелиликти арттырыў имканиятын береди.
Түрли тараўларда ЖИ технологияларын қолланыў мәселелерине айрықша тоқтап өтилди.
Атап айтқанда, денсаўлықты сақлаў тараўында - инсульт ҳәм сүт бези рак кеселликлерин ерте анықлаў, медициналық тексериўлерди ҳүжжетлестириў процесслерин автоматластырыў, сондай-ақ, санлы медициналық жәрдемшилер, аўыл хожалығында - аўыл хожалығы егинлериниң өнимдарлығын прогнозлаў, фитосанитариялық қәўип-қәтерлер ҳаққында фермерлерди хабардар етиў, жайлаўлардың жағдайын мониторинг етиў, транспорт тараўында - жол қапламасының ҳәм темир жол инфраструктурасының жағдайын мониторинг етиў, айдаўшыларды қәўипли жағдайлар ҳаққында ескертиў, ақыллы транспорт системаларын раўажландырыў, қурылыс ҳәм санаатта - нызамбузыўшылықларды анықлаў, смета ҳүжжетлерин көрип шығыў мүддетлерин қысқартыў, сондай-ақ, видеоанализ арқалы өндирис процесслерин қадағалаў бойынша шешимлерди енгизиў нәзерде тутылған.
Инфраструктураны раўажландырыў менен бирге, жергиликли стартапларды қоллап-қуўатлаў, халық, әсиресе, жасларда санлы көнликпелерди қәлиплестириў мәселелери де додаланды. Атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимиздеги стартаплардың саны 950 ге жетип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 37,5 процентке өскен. Венчур фондларының саны 22 ге көбейип, Экосистеманың баҳасы 4,3 миллиард долларға баҳаланбақта. Стартапларға тартылған инвестициялардың көлеми 132 миллион долларды қурады.
Усы жылдан баслап IТ бағдарындағы Президентлик стартаплар таңлаўының сыйлық қоры 5 миллион долларға шекем арттырылғаны, жасалма интеллект тараўында сыйлық қоры 1 миллион доллар болған жаңа таңлаўлар енгизилгени мәлим етилди. Буннан тысқары, «President AI Award»ты бес бағдар - мәмлекетлик басқарыў, санаат ҳәм исбилерменлик, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, жасыл экономика ҳәм агротехнологиялар бойынша шөлкемлестириў усыныс етилди.
2030-жылға шекем IТ тараўында 300 мың жастың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған илажлар да көрип шығылды. Оның ушын аймақларда санлы екосистеманы кеңейтип, жаңа жумыс орынларын жаратыў, експортқа қолайлы хызметлерди көбейтиў, стартаплардың өсиў ноқатларын кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен Самарқанд, Наманган, Сырдәрья ҳәм Бухарада «IT Park»тиң жаңа филиаллары, Нурафшан қаласында R&D орайын шөлкемлестириў режелери ҳаққында мағлыўмат берилди. Нурафшанда 7,3 гектар майданда шөлкемлестирилетуғын бул орай шеңберинде 6 жоқары технологиялық лаборатория, жасалма интеллект ушын 200 GPUға ийе есаплаў орайы, стартап кампусы ҳәм коммерцияластырыў орайының қурылысы нәзерде тутылған. Жойбардың улыўма баҳасы 200 миллион доллар болып, 2027-2031-жылларға мөлшерленген.
Санлы билимлендириўди раўажландырыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
"Жасалма интеллекттиң 5 миллион жетекшиси" жойбары шеңберинде 1 миллионнан аслам тийкарғы курс тыңлаўшысы, 300 мыңнан аслам орта дәрежедеги тыңлаўшы ҳәм 1,5 мың профессионал қәниге таярланған. Мектеплерде де жасалма интеллект класслары ҳәм стартап зоналарын шөлкемлестириў усынысы билдирилди.
Соның менен бирге, мектеплердеги санлы инфраструктура жағдайы талланды. Мектеплердиң 69 процентинде Wi-Fi зоналары пүткиллей жоқ екени, 5 мың компьютер класслары ескиргени, 2 мың мектепте бундай класслар жоқ екени атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен 2030-жылға шекем 16 мың компьютер класларын жаңалаў, мектеплерди бийпул Wi-Fi зоналары менен тәмийинлеў ҳәм интернет тезлигин арттырыў бойынша анық илажлар көриў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте жергиликли IТ-шешимлерден пайдаланыўды кеңейтиў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар ҳәм банклерде кеминде 45 процент программалық өнимлер ҳәм IТ хызметлерди локализациялаў имканияты бар екенлиги атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен мәмлекетлик кәрханалар ҳәм банклер тәрепинен IТ-хызметлерди импорт етиўде Санат кооперациясы ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлар агентлиги менен мәжбүрий келисиў және "IТ-Парк" резидентлерине буйыртпалар жибериў системасын енгизиў усыныс етилди.
Телекоммуникация инфраструктурасы ҳәм тәртипке салыў тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар да көрип шығылды.
Кейинги жыллары елатлы пунктлерди телекоммуникация хызметлери менен қамтып алыў 41 проценттен 98 процентке, интернеттиң улыўма өткериў қәбилети болса 65 есеге артып, секундына 4,4 мың гигабитке жетти. Телекоммуникациялар базарын тәртипке салыў, хызметлер сапасын мониторинг етиў ҳәм пайдаланыўшылардың ҳуқықларын қорғаў мақсетинде өз алдына агентлик шөлкемлестирилди.
Презентацияда телекоммуникация базарын ҳәр жылы кеминде 10 процентке арттырып, усы жылы оның көлемин 27,5 триллион сумға жеткериў режелери көрип шығылды.
Киберқәўипсизликти тәмийинлеў, мәмлекетлик мәлимлеме системаларын интеграциялаў ҳәм санлы ҳүкимет платформасын беккемлеў мәселелери де додаланды. Мәмлекетлик мәлимлеме системаларын тек ғана бирден-бир "Электрон ҳүкимет" платформасы арқалы интеграциялаў, оған киберқәўипсизлик экспертизасынан өтпеген системалардың жалғаныўын шеклеў, мәлимлеме қәўипсизлигин күшейтиў мақсетинде ҳәр еки жылда толық IТ-аудит өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы жасалма интеллект ҳәм санластырыў бүгинги күнде тек ғана технологиялық жаңалық емес, ал экономиканың нәтийжелилигин, мәмлекетлик басқарыўдың сапасын, хызметлердиң қолайлығын, экспорт потенциалын ҳәм мәмлекеттиң бәсекиге шыдамлылығын белгилейтуғын стратегиялық бағдар екенин атап өтти. Жуўапкер басшыларға бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышқа көтериў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.