Елимизде халықты қәнигели ҳәм заманагөй медициналық жәрдем менен тәмийинлеў, тараўда басқарыў нәтийжелилигин арттырыў, жеке меншик сектордың имканиятларынан кеңирек пайдаланыў, аймақларда медициналық инфраструктураны жаңа басқышқа көтериў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.

Презентацияда тараўды раўажландырыўда жеке меншик сектордың орны ҳәм бул бағдардағы имканиятлар көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, 2016-жылы елимизде 3 мың 200 жеке меншик клиника жумыс алып барған болса, 2026-жылдың жуўмағы бойынша олардың саны 8 мың 700 ге жетиўи күтилмекте. Жеке меншик медицина бағдарлары 39 дан 116 ға, емлеў орынлары 16 мыңнан 57 мыңға көбейди. Улыўма орын фондында жеке меншик сектордың үлеси 12 проценттен 31 процентке артыўы прогноз етилмекте.

Соның менен бирге, тараўдағы айырым машқалалар да көрсетип өтилди. Медициналық хызметлердиң сапасын қадағалаў бойынша әмелдеги механизмлер жетерли дәрежеде нәтийжели емеслиги, лицензия талапларының заман талапларына толық жуўап бермейтуғыны, жеке меншик клиникалардың жумысы ҳаққындағы мағлыўматлар бирден-бир электрон системада қәлиплестирилмегени, инвестициялық жойбарлар менен мәнзилли ислесиў толық жолға қойылмағаны көрсетип өтилди.

Бул бағдарда жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиў ҳәм жуўапкершилигин арттырыўға қаратылған жаңаша қатнаслар усыныс етилди.

Атап айтқанда, медициналық жумысты лицензиялаўға байланыслы барлық функцияларды "Медициналық шөлкемлерди лицензиялаў ҳәм аккредитациялаў орайы"на өткериў, 2026-жыл 1-июльден наўқаслардың қәўипсизлигин ҳәм медициналық хызметтиң сапасын тәмийинлеўге қаратылған 48 лицензия талабынан 14 ин қайта көрип шығып, лицензиялаў тәртибин күшейтиў усыныс етилди. Онда көп тармақлы клиникалардың жумысын толық тоқтатыў әмелиятын бийкар етиў ҳәм шеклеў илажларын тек ғана қағыйдабузарлықлар анықланған анық бағдарларға қолланыўға өтиў нәзерде тутылмақта.

Соның менен бирге, медицина шөлкемлериниң лицензия талаплары ҳәм шәртлерине әмел етиўи үстинен сапа қадағалаўы күшейтиледи, электрон мәлимлеме системасы арқалы аралықтан қадағалаў жолға қойылады.

Сондай-ақ, мәмлекетлик емес медицина шөлкемлерине бар болған лицензия шеңберинде барлық бағдарлар бойынша бюджет қаржылары есабынан медициналық хызметлер көрсетиўге рухсат бериў, аккредитациядан өткен жеке меншик мәкемелерге трансплантация жумысы менен шуғылланыў имканиятын бериў, 2028-жылдан баслап қамсызландырыў қоры тәрепинен аккредитациядан өтпеген мәмлекетлик емес ҳәм республикалық мәмлекетлик медицина мәкемелеринен медициналық хызметлерди сатып алыўды әмелге асырмаў усыныс етилди.

2030-жылдың ақырына шекем барлық мәмлекетлик медицина мәкемелериниң, соның ишинде, 2027-жыл 1-апрельге шекем 55 республикалық, 2028-жылдың ақырына шекем 413 аймақлық, 2030-жылдың ақырына шекем 3 мыңнан аслам районлық (қалалық) мәмлекетлик медицина шөлкемлериниң жумысы мәжбүрий түрде лицензияланатуғыны белгиленди.

Жеке меншик медицинаны хошаметлеў ушын экономикалық қоллап-қуўатлаў илажлары додаланды.

Атап айтқанда, алыс аймақларда жаңа клиникалар ашыў ушын 200 миллиард сум жеңиллетилген кредит ресурсларын ажыратыў, ҳәр бир жойбар ушын 10 жыл мүддетке 10 миллиард сумнан кредит бериў, базалық ставканың 50 процентине компенсация механизмин қолланыў нәзерде тутылмақта. Соның менен бирге, сырт елли қәнигелер ушын социаллық салықты 1 процент етип белгилеў, медициналық әсбап-үскенелер ҳәм комплектлеўши бөлеклер ушын бажыхана жеңилликлерин бериў усыныс етилди.

Презентацияда тараўға инвестицияларды тартыў бойынша жаңа система да көрип шығылды.

Оның ушын Медицина ҳәм фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигин шөлкемлестириў, инвесторларға "бир айна" принципи тийкарында мәсләҳәт ҳәм әмелий хызметлер көрсетиў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын профессионал қәлиплестириў ҳәм алға қойыў механизмин енгизиў нәзерде тутылған.

Соның ишинде, агентликке тараўға тиккелей инвестицияларды тартыў, инвестициялық ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыўға жәрдемлесиў, мәмлекетлик медицина шөлкемлерин басқарыўға бериў ўәкилликлери бериледи. Буннан тысқары, агентлик жанында акционерлик жәмийети түринде «Health Invest» компаниясы шөлкемлестирилип, инвестициялық жойбарларды қәлиплестириў, келисиў ҳәм әмелге асырыўға жәрдемлеседи.

Сырт елли экспертлер менен биргеликте мәмлекетлик медицина мәкемелерин корпоратив басқарыў принциплери тийкарында трансформациялаў стратегиясын ислеп шығыў усыныс етилди. Сондай-ақ, медицина шөлкемлерин жойбарластырыў, қурыў ҳәм пайдаланыўға тапсырыўға байланыслы қала қурылысы ҳәм санитариялық нормалар менен қағыйдаларды сырт елли консултантларды тартқан ҳалда қайта көрип шығыў ҳәм оларды халықаралық талапларға бейимлестириў нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз басшысы билдирилген усынысларды мақуллап, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.