Сөйлесиўлер ўақтында
тәреплер фондтың операциялық жумысын жолға қойыў, оның жумысының бүгинги
раўажланыўы, сондай-ақ, институционаллық раўажланыў бойынша гезектеги
қәдемлерди додалады.
Өзбекстан тәрепи
Түркий инвестиция қорының әмелий жумыс басқышына өтип атырғанын
қоллап-қуўатлап, оның түркий дүньяның кең инвестициялық имканиятларға ийе
биринши биргеликтеги финанслық институты сыпатындағы әҳмийетин атап өтти.
Санаат,
инфраструктура, транспорт, аўыл хожалығы, санлы технологиялар ҳәм басқа да
бағдарларда инвестициялық жойбарлар портфелин қәлиплестириўде Өзбекстанның
қатнасыўына айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ,
халықаралық финанс институтлары ҳәм жеке меншик инвесторлардың биргеликтеги
қаржыландырыў механизмлерин тартқан ҳалда Өзбекстан аймағында ҳәм Орайлық Азия
мәмлекетлеринде биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў имканиятлары додаланды.
Ушырасыў жуўмағында
тәреплер жойбарлар портфелин қәлиплестириў ҳәм системалы техникалық бирге
ислесиўди раўажландырыў бойынша гезектеги қәдемлерди келисип алды.