"Ҳазрет Султан" халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Қазақстан Республикасының Мәмлекетлик кеңесгөйи Ерлан Карин, Түркстан ўәлаятының ҳәкими Нуралхан Кушеров ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

Бүгин мәмлекетимиз басшысы Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң рәсмий емес саммитинде қатнасады.

Сондай-ақ, саммитте қатнасыўшы делегациялардың басшылары Түркстан тарийхый естеликлери ҳәм мәдений объектлери менен танысыўы нәзерде тутылған.