Комплекстиң улыўма майданы 7 гектардан аслам болып, имараттың өзи 5 мыңнан аслам намазханды өз ишине сыйдыра алады. Саўлатлы комплекс қурамында 70 метрлик төрт минара, тийкарғы зал ҳәм дәстүрий әйўанларға ийе үш қабатлы тийкарғы имарат бар.

Ислам ҳәм Шығыс архитектурасының ең жақсы дәстүрлеринде исленген мешит архитектурасында миллий нағыслар, Шығыс гүмбезлери, бийик минаралар ҳәм заманагөй қурылыс шешимлери өз-ара үйлесимли сәўлеленген. Ишки безеўлер ислам каллифграфиясы ҳәм безеў өнери элементлери менен безелген.

Оған тутас 4,2 гектар майданды абаданластырыўға айрықша итибар қаратылды. Бул жерде жасыл аймақлар, пиядалар жоллары, дем алыў орынлары, жақтыландырыў системалары, декоратив элементлер ҳәм фонтанлар жаратылмақта.

Өзбекстанның туўысқан Қазақстан халқына ҳәм түркстанлыларға саўғасы сыпатында қурылған бул саўлатлы комплекс еллеримиз арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм мәдений жақынлық, жақсы қоңсышылық ҳәм аўқамласлықтың айқын көриниси екени атап өтилди.

Қуран оқылып, дос халықларымыздың тынышлығы ҳәм абаданлығы ушын пәтия етилди.