Бул ҳаққында Орайлық банк тәрепинен жәрияланған физикалық шахслардың валюта операциялары бойынша пикиринде мағлыўмат берилген.

Атап өтилиўинше, қаржылардың 77 проценти Россиядан (11,5 млрд доллар) келип түскен болып, 2023-жылға салыстырғанда 29 процентке артқан.

Бул трансфертлердиң қалған бөлеги:

Қазақстан (795 млн доллар),

АҚШ (577 млн доллар),

Қубла Корея (534 млн доллар),

Туркия (405 млн доллар),

Уллы Британия (135 млн доллар) ҳәм басқа мәмлекетлерден өткерилген.

2024-жылы Өзбекстанға келип түскен пул өткермелериниң көлеминиң 2023-жылға салыстырғанда өсиўи мийнет миграциясы бағдарында бақланған унамлы тенденциялар, атап айтқанда, мигрантларды қабыл ететуғын мәмлекетлерде экономикалық белсендилик, жумысшы күшине талап ҳәм мийнет ҳақыларының артыўы және миграция географиясы қурамында жоқары дәраматлы мәмлекетлердиң үлесиниң артыўы менен түсиндириледи.

Сондай-ақ, бул қаржылардың айлар кесиминдеги таллаўына бола, 2024-жылы өткериўлер динамикасының қәлиплесиўине мийнет миграциясы менен байланыслы мәўсимлик факторы менен бирге мийнет мигрантлары жумыс алып баратуғын дәстүрий мәмлекетлерде миллий валюта курсындағы тербелислер де тәсир көрсетти.

2024-жылы Өзбекстанға келип түскен трансшегаралық пул өткермелериниң көлеминде 2023-жылға салыстырғанда:

Уллы Британиядан 83 процентке,

Қубла Кореядан 56 процентке,

АҚШтан 35 процентке,

Европа Аўқамы мәмлекетлеринен 32 процентке өсиў бақланды.

Усы дәўирде физикалық тәреплерге түскен қаржылардың 8,2 миллиард доллары дәстүрий халықаралық ақша өткериў системалары арқалы (2023-жылға салыстырғанда 14 процент өсиў), 5,9 миллиард доллары сырт елден физикалық тәреплердиң банк карталарына тиккелей (P2P) өткериўлер арқалы (өсиў 51 процент) ҳәм 774 миллион доллары банк өткериўи (SWIFT) арқалы (өсиў 2,1 есеге) әмелге асырылды (3-диаграмма).

Сырт елден физикалық тәреплердиң банк карталарына тиккелей (P2P) өткермелер тезлиги, қолайлығы ҳәм салыстырмалы арзанлығы есабынан ғалаба болып бармақта.

Тек ғана 2024-жылы P2P (онлайн) транзакциялардың саны дерлик 71 миллионға жетти (2023-жылға салыстырғанда 47 процентке өсиў), өткермелер көлеминиң түскен жәми қаржылар көлеминдеги үлеси 40 процентке шекем көбейди (2023-жылы 34 процент).

Сондай-ақ, 2024-жылы Өзбекстаннан сырт елге жиберилген пул өткермелериниң көлеми 2,8 миллиард долларды (2023-жылға салыстырғанда 19 процентке өсиў) қурады.