2025-жылдағы дәслепки жүк поезди 1-январьда Шэньси провинциясының Халықаралық порты Сиань станциясынан Өзбекстан пайтахтына жол алды. Бул "Қытай-Европа" халықаралық темир жол жүк тасыўы шеңберинде биринши "Сиань-Ташкент" тезжүрер поездының жолға қойылыўы болып есапланады, деп хабар береди "Синьхуа" ХА.
Агентликтиң хабар бериўинше, турмыслық техника қураллары, текстиль ҳәм химиялық өнимлер жайласқан 50 контейнер жүкленген поезд Қытайдың арқа-батысындағы Синьцзянь-Уйғур Автоном Республикасының Хоргос өткериў қадағалаў пунктинен өтип, Қазақстан арқалы Өзбекстан аймағына кирип барады.
Атап өтилиўинше, "Сиань-Ташкент" тез жүрер поезды Сианның "Қытай-Европа" жүк поездларына хызмет көрсететуғын "Чаньба" халықаралық портының қатнасыўында ислеп шығылған транспорт хызметлери шеңбериндеги жаңа ҳәрекет болып есапланады.
"Қытай темир жол корпорациясы ҳәм басқа да темир жол, сондай-ақ, бажыхана уйымлары менен бирге ислесиў себепли жүк поездының Сианнан Ташкентке шекем өтиўи керек болған жолға кететуғын ўақты 8-10 суткадан 5-6 суткаға қысқарды", - дейди компанияның Сиань қаласы еркин саўда портының қурылысы ҳәм пайдаланыўы бойынша бас директоры Юань Сяоцзюнь.
Сианның "Чаньба" халықаралық порты администрациясының мағлыўматларына бола, 2024-жыл январь-ноябрь айларында Сианнан "Қытай-Европа" жүк поездларында Орайлық Азия жөнелислеринде жиберилген стандарт контейнерлердиң саны жыллық есапта 49,8 процентке артып, 69 655 мыңды қурады.