Атап өтилгениндей, бул жойбарлар алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында пүткиллей жаңаша қатнас жасаў тийкарында ислеп шығылған. Оларда Президентимиз тәрепинен белгиленген быйылғы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары ҳәм мақсетли көрсеткишлери және оларды әмелге асырыўдың анық механизмлери белгилеп берилген.
Әсиресе, реформалар бағдарламасы менен мәмлекетлик бағдарлама арасындағы өзгешеликлерге тоқтап өтилди.
Реформалар бағдарламаларында мәмлекетимиз басшысының халыққа ҳәм Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында алға қойылған басламалар ҳәм 2026-жылға мөлшерленген ең тийкарғы реформалар орын алған.
Олар - мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў ҳәм оларға Жаңа Өзбекстан көринисин бериў, экономиканы технологиялық ҳәм инновациялық өсиў моделине өткериў ҳәм ишки базарда талапты хошаметлеў, кәсиплик раўажланыў ҳәм мийнет базарының жаңа архитектурасын жаратыў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўды шөлкемлестириў, сондай-ақ, мәмлекетлик басқарыў ҳәм суд-ҳуқық системасын жетилистириў, жәмийетте аўызбиршиликти тәмийинлеў.
Бул бағдарламалар шеңберинде "ҳүжжетлерди ислеп шығыў" принципинен "нәтийжеге ерисиў" принципине өтиледи. Ҳәр бир баслама бойынша әмелге асырыў механизмлери ҳәм жыл жуўмағы бойынша нәтийжелерди баҳалаў ушын ҳәр қандай нәтийжелилик көрсеткишлери (KPI) белгиленеди. Бағдарламалар тиккелей ҳәрекет етиў механизмине ие болып, айырым басламалар ушын айрықша ҳүжжет қабыл етиў талап етилмейди. Ҳәр бир реформа бағдарламасы бойынша жеке жуўапкер болған жуўапкер басшы ҳәм оны муўапықластырыўшы мәмлекетлик шөлкем белгиленбекте.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Мәҳәлле ҳәм жәмийетлик раўажланыў жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада стратегияның 2026-жылға мөлшерленген мақсетли көрсеткишлериниң орынланыўын шөлкемлестириў белгиленген. Бағдарлама менен 337 бәнттен ибарат әмелий илажлар режеси тастыйықланбақта. 2026-жылы тараўлар кесиминде 59 ең әҳмийетли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ҳәм әҳмийетли стратегиялық реформаларды нәзерде тутатуғын 12 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ислеп шығылады.
Жойбарларды ислеп шығыўда жәмийетшиликтиң пикирин есапқа алыўға айрықша итибар қаратылған. Мәмлекетлик бағдарлама кең жәмийетшиликтиң додалаўына қойылып, 23-январь - 1-февраль күнлери ғалаба хабар қураллары ҳәм интернет тармағында кеңнен үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылды. Интернет тармағында 5 миллионнан аслам пайдаланыўшы жойбар менен танысып, 22 мыңнан аслам пикир-усыныс билдирген.
Жоқары оқыў орынлары ҳәм мәмлекетлик мәкемелерде 50 ден аслам додалаў өткерилип, онда 10 мыңға шамалас студент-жаслар, профессор-оқытыўшылар ҳәм мәмлекетлик хызметкерлер қатнасты.
Үйрениўлер нәтийжесинде 1 мыңға шамалас усыныслар таңлап алынып, әмелий унамлы деп табылды ҳәм Мәмлекетлик бағдарлама жойбарына киргизилди.
Атап айтқанда, ҳаял-қызлар ҳәм балаларға зорлық ушын жазаны күшейтиў, педофиллик ушын өмирлик еркинен айырыў жазасын енгизиў, ипотека кредити ҳәм электромобиллер сатып алыў бойынша кредит механизмлерин жетилистириў, қайта тиклениўши энергия дәреклериниң үлесин 30 процентке жеткериў, коррупцияға қарсы гүресиў тараўын жаңа басқышқа көтериў, жынаят ислерин жүргизиўде қасамхорлар институтын енгизиў сыяқлы басламалар қоллап-қуўатланды.
Буннан тысқары, мәҳәлле мүтәжликлерине ажыратылып атырған қаржылардың жумсалыўы бойынша ашық есап бериўди күшейтиў, мәҳәллелер ишинде жоллар, пиядалар ҳәм велосипед жолларын қурыў, бизнес-инкубаторлар шөлкемлестириў, санаат зоналары жанында кәсип-өнерге оқытыў орайларын ашыў, терек кескенлик ушын жуўапкершиликти күшейтиў, энергия нәтийжелилиги бойынша KPI енгизиў, утилизация ҳәм қайта ислеў шынжырларын қәлиплестириў сыяқлы усыныслар қызықлы, деп есапланды.
Буннан тысқары, АҚШ, Германия, Түркия, Франция, Канада, Корея, Япония, Швеция, Португалия ҳәм Қазақстанда ўатанласларымыздың қатнасыўында додалаўлар шөлкемлестирилип, 60 қа шамалас усыныслар келип түскен.
Сырт елдеги ўатанласларымыз тәрепинен мәмлекетлик емес мектеплердиң жумысын раўажландырыў ушын лицензиялаў ҳәм қадағалаўдың анық, турақлы ҳәм ашық-айдын механизмлерин енгизиў, кәрханалардың қәнигелерин, қадағалаўшы стажёрларды хошаметлеў ҳәм жуўапкершилик системасын енгизиў, жатыр мойны ҳәм сүт бези рак кеселлигиниң раўажланыўы бойынша қәўип топарларын анықлаў ушын бирден-бир санлы скрининг системасын енгизиў, жеңиллетилген кредитлер бериўде "нәтийжеге байланыслы субсидия" (performance-based subsidy) моделин енгизиў, экспорт етиўши кәрханалар ушын бирден-бир оператор арқалы комплексли логистика, бажыхана, сертификатлаў, маркетинг ҳәм төлем хызметлерин көрсетиўши «Export-as-a-service» моделин енгизиў, адвокатларға электрон гезек пенен ислесиў бойынша көрсетпелер ҳәм видеоқолланбалар.
Бағдарламаларды әмелге асырыўды қаржыландырыў ушын 250,5 триллион сум ажыратыў ҳәм 50,4 миллиард доллар тартыў нәзерде тутылған.
Әдиллик министрлиги ҳәм Есап палатасы Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын турақлы мониторинг етип барады. Министрлер Кабинети орынлаўдың барысын ҳәр шеректе додалап барады. Бағдарламаның орынланыўы бойынша ҳәр ярым жылда Олий Мажлис Нызамшылық палатасына мәлимлеме бериледи ҳәм ҳәр айда Президентке есап бериледи.
Ҳәр бир реформа бағдарламасына бириктирилген жуўапкерлер оның орынланыўы бойынша ҳәр шеректе Президентке мәлимлеме берип барады. Бас министрге реформалар бағдарламалары шеңбериндеги басламаларды әмелге асырыў ҳәм қаржыландырыўды муўапықластырыў, орынланыўын қатаң қадағалаў жүкленди.
Мәмлекетимиз басшысы усынылған жойбарлар менен ҳәр тәреплеме танысып, "Мәҳәлле ҳәм жәмийетлик раўажланыў жылы"нда әмелге асырылатуғын реформалар бағдарламалары ҳәм Мәмлекетлик бағдарламаны тастыйықлады ҳәм тийисли пәрманға қол қойды. Барлық алып барылып атырған реформалар, әмелге асырылып атырған илажлар, бәринен бурын, адамлардың турмысында сезилерли нәтийжелерди тәмийинлеўи, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматлары ҳәм разылығын арттырыўда өз көринисин табыўы керек екенлиги атап өтилди.