баннер
25 Apr 2025
22:16

    3-марттан ипотека кредитлери ушын субсидия алыўға арзалар қабыллаў басланады

    30 мың талабанға ипотека кредитлери бойынша субсидиялар ажыратыў белгиленбекте.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 21-февральдағы "Турақ жай ҳәм ипотека базарын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы қабыл етилди.

    Усы пәрман менен усы жылы ипотека кредитлери бойынша субсидиялар төлеўдиң мақсетли көрсеткишлери тастыйықланған болып, ипотека кредитлери бойынша субсидиялар саны өткен жылға салыстырғанда 1,5 есеге арттырылды ҳәм бағдарлама шеңберинде 30 000 талабанға ипотека кредитлери бойынша субсидиялар ажыратыў белгиленбекте, деп жазбақта Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мәлимлеме хызмети.

    Арзалар усы жылдың 3-март күни саат 09:00 ден баслап жиберилиўи мүмкин.

    Арзаларды Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден-бир портал (my.gov.uz) арқалы тапсырыў мүмкин. Бунда арза бериўшиниң қәлеўи менен оның дәраматлары есап-китабына жақын туўысқанларының дәраматлары да киргизилиўи мүмкин.

    Сондай-ақ, арза бериўши ямаса оның зайыбының (соның ишинде, кепил сыпатында келтирилген жақын туўысқанлары) орташа дәраматы төмендегише болыўы керек:

    Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда - мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 2,7 есесинен 8 есесине шекем (ҳәзирги ўақытта 3,11 млн - 9,24 млн сум);

    Ташкент қаласында - мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 2,7−9,2 есеси (ҳәзир 3,11 млн сум - 10,62 млн сум).


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech