Өзбекстанда 2-октябрьден баслап ипотека кредитлери бойынша субсидияларға арзалар қабыл етиледи

    Социаллық турмыс 1 қазан 2025 1071

    Өзбекстанда усы жылдың 2-октябрь күни саат 09:00 ден баслап ипотека кредитлери бойынша субсидия алыў ушын арзаларды қабыллаў қайта тикленеди.

    Бул Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 21-февральдағы "Турақ жай ҳәм ипотека базарын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы ПП-26-санлы пәрманында белгиленген.

    Экономика ҳәм қаржы министрлигинен мәлим етилиўинше, арзаларды қабыллаў тастыйықланған мақсетли көрсеткишлер шеңберинде алдын берилген хабарнамалардың пайдаланылмаған бөлеги есабынан әмелге асырылады.

    Арзаны қалай тапсырыў керек?

    Арзаны төмендеги үш усылда рәсмийлестириў мүмкин:

    Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы;

    онлайн - my.gov.uz порталы арқалы: https://my.gov.uz/oz/service/325;

    MyGov мобил қосымшасы арқалы.

    Субсидия кимлерге бериледи?

    Онда қатнасыў ушын белгиленген шәртлерге жуўап бериў керек.

    социаллық баҳа

    Талабан социаллық критериялар системасы бойынша кеминде 30 балл топлаўы керек.

    шаңарақтың дәраматы

    Арза бериўшиниң ҳәм арзада көрсетилген туўысқанларының орташа дәраматы төмендегише болыўы керек:

    Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар ушын - мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 2,7 есесинен 8 есесине шекем (3 млн 431 мың 700 сумнан 10 млн 168 мың сумға шекем);

    Ташкент қаласы - ең кем мийнет ҳақының 2,7 есесинен 9,2 есесине шекем (3 431 700 сумнан 11 693 200 сумға шекем).

    Меншикте (атында) турақ жайдың жоқлығы

    Арза бериўши ҳәм оның өмирлик жолдасының мәмлекеттиң қәлеген аймағында жеке мүлк етип дизимнен өткерилген турақ жайы болмаўы керек.

    Кимлерге үстинлик бериледи?

    Арзаларды көрип шығыўда пуқаралардың төмендеги категориялары жеңилликке ийе болады:

    мийнет мигрантлары;

    30 жасқа шекемги жаслар;

    ажырасқан ҳаяллар;

    жалғыз аналар;

    жесирлер;

    майыплығы болған шахслар;

    алыс аймақларда жумыс ислеп атырған медицина хызметкерлери ҳәм қәнигелери;

    техникумлардың инженерлик, қурылыс ҳәм қайта ислеў бағдарлары бойынша оқытыўшылары.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates