"Чжунго синьвэньшэ" МАның фотолары

Қытайдың "Синьхуа" мәлимлеме агентлигиниң мағлыўматларына қарағанда, бул усы жылдың басында Ганьсу провинциясынан жолға шыққан биринши халықаралық арнаўлы жүк поезды болып есапланады.

"Чжунго синьвэньшэ" ("Қытай жаңалықлары") мәлимлеме агентлигиниң атап өтиўинше, бул арнаўлы поездда тасылып атырған тас көмир коксиниң улыўма баҳасы 4,06 миллион юанды (шама менен 580 мың АҚШ доллары) қурайды. Өзбекстандағы мәнзил станциясына шама менен 9 күннен кейин жетип келиўи күтилмекте.

Увэй бажысыз логистика орайының жуўаплы хызметкери Цао Кэ соңғы жыллары орай халықаралық логистика каналлары тармағын раўажландырыўды даўам еттиргенин, соның ишинде, Орайлық Азия ҳәм Орайлық Европаны байланыстыратуғын 6 тийкарғы логистика каналын ашқанын атап өтти, деп хабар береди "Дунё" МА.

"Бул жаңа жөнелистиң ашылыўы "Ганьсуда ислеп шығарылған" өнимлер ҳәм ҳәттеки Қытай товарларының Орайлық Азия базарына нәтийжели кирип барыўы ушын турақлы ҳәм қолайлы халықаралық логистика каналын және бир мәрте ашады", - деп қосымша етти Цао Кэ.