АҚШ пенен саўда-экономикалық шерикликти раўажландырыў бойынша бир қатар келисимлерге қол қойылды

    АҚШтың жетекши компаниялары, инвестициялық фондлары ҳәм қаржы институтларының басшылары менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм АҚШ саўда министри Говард Латниктиң қатнасыўында өткерилген дөгерек сәўбети жуўмағында еки тәреплеме келисимлерди алмасыў мәресими болды.

    Атап айтқанда, төмендеги ҳүжжетлерге қол қойылды:

    - Геология министрлиги ҳәм «Denali Exploration group» компаниясы арасында Сийрек ушырасатуғын жер элементлерин ислеп шығарыў бойынша бирге ислесиў ҳаққында келисим;

    - Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры ҳәм «Re Element Technologies» компаниясы арасында Сийрек гезлесетуғын металлар тараўында жойбарларды әмелге асырыў бойынша бирге ислесиў ҳаққындағы келисим;

    - Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги ҳәм «Flowserve» компаниясы арасында насос станцияларын модернизациялаў бойынша бирге ислесиў ҳаққында келисим;

    - Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм «Valmont Industries Inc» компаниясы арасында заманагөй суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша келисим;

    - Санлы технологиялар министрлиги ҳәм «Palo Alto Networks» компаниясы арасында жасалма интеллект тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳаққында келисим;

    - «Uzairways» ҳәм «Boeing» арасында самолётлар жеткерип бериў бойынша шәртнама;

    - «Datacrop» ҳәм «Luis Dreyfus Company» компаниялары арасында соя собығы ҳәм шрот жеткерип бериў бойынша шәртнама;

    - "Өзсанаатекспорт" ҳәм «Cargill» компаниясы арасында пахта жеткерип бериў бойынша шәртнама.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates