Атап айтқанда, төмендеги ҳүжжетлерге қол қойылды:

- Геология министрлиги ҳәм «Denali Exploration group» компаниясы арасында Сийрек ушырасатуғын жер элементлерин ислеп шығарыў бойынша бирге ислесиў ҳаққында келисим;

- Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры ҳәм «Re Element Technologies» компаниясы арасында Сийрек гезлесетуғын металлар тараўында жойбарларды әмелге асырыў бойынша бирге ислесиў ҳаққындағы келисим;

- Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги ҳәм «Flowserve» компаниясы арасында насос станцияларын модернизациялаў бойынша бирге ислесиў ҳаққында келисим;

- Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм «Valmont Industries Inc» компаниясы арасында заманагөй суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша келисим;

- Санлы технологиялар министрлиги ҳәм «Palo Alto Networks» компаниясы арасында жасалма интеллект тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳаққында келисим;

- «Uzairways» ҳәм «Boeing» арасында самолётлар жеткерип бериў бойынша шәртнама;

- «Datacrop» ҳәм «Luis Dreyfus Company» компаниялары арасында соя собығы ҳәм шрот жеткерип бериў бойынша шәртнама;

- "Өзсанаатекспорт" ҳәм «Cargill» компаниясы арасында пахта жеткерип бериў бойынша шәртнама.