Бул ҳаққында түрк клубы өзиниң социаллық тармақларында жәриялады. Москваның ЦСКА клубы да хошласыў видеосын жәриялады.

Аббосбек Файзуллаев жаңа командасында 11-номерде топ тебеди.

Еслетип өтемиз, жаңа мәўсим басланыўынан алдын Өзбекстан сайланды командасы ҳүжимшиси Элдор Шомуродов "Истанбул Башакшеҳир"ге ижара тийкарында өткен еди.

Файзуллаев ЦСКАда өткерген 2 мәўсими даўамында 72 ойында қатнасып, 8 гол урды ҳәм 22 голға пас берди.