Оның атап өтиўинше, бул кеңеске қосылыў қарары, бәринен бурын, регионаллық қәўипсизлик талапларынан келип шыққан. Кеңестиң тийкарғы мақсетлери Өзбекстан сыртқы сиясатының тийкарғы бағдарларына толық сәйкес келеди.
"Экономикалық форум күн тәртибинде көплеген сиясий мәселелер, атап айтқанда, Газа секторындағы кризис ҳәм оны шешиў жолларын табыў ўазыйпасы тур. Жақында Дональд Трамп тәрепинен усыныс етилген "Тынышлық кеңеси"ниң бас мақсети де әйне Жақын Шығыстағы кескинликти жумсартыў ҳәм Газа кризисин сапластырыў болып есапланады", - деди Президент кеңесгөйи.
Президент Шавкат Мирзиёев бул басламаны қоллап-қуўатлағанын атап өтип, Камилов буның үш әҳмийетли себебин санап өтти:
Миллий қәўипсизлик: Региондағы турақлылық тиккелей Өзбекстанның қәўипсизлигине тәсир етеди.
Сыртқы сиясат принциплери: Кеңес алдына қойылған ўазыйпалар мәмлекетимиздиң тынышлықты сүйиўши сиясатына үнлес.
Стратегиялық мәплер: Жақын Шығыс регионында Өзбекстанның турмыслық әҳмийетли мәплери бар.
Кеңесгөй Өзбекстанның Жақын Шығыстағы тартыслы аймақлардан өз пуқараларын қайтарып алыў бойынша тәжирийбесине де тоқтап өтти. Оған бола, адасып экстремистлик топарларға қосылып қалған шахсларды реинтеграциялаў бойынша Өзбекстан модели БМШ ҳәм халықаралық жәмийетшилик тәрепинен жоқары баҳаланған.
"Президентимиздиң бул бағдардағы сиясаты пүткил дүнья ушын үлги бола алады. Бизиң бул региондағы тийкарғы мақсетимиз - өз қәўипсизлигимизди тәмийинлеў ҳәм экстремизм ошақларын сапластырыўда қатнасыў болып есапланады", - деп атап өтти ол.
Сондай-ақ, Абдулазиз Камилов Жақын Шығыстағы турақсызлық Орайлық Азияға, атап айтқанда, қоңсы Аўғанстанға қандай тәсир ететуғынын түсиндирип берди. Оның сөзлерине бола, Аўғанстандағы көплеген терроршылық топарлары әйне Жақын Шығыстағы тартыслы аймақлардан кирип келген.
"Жақын Шығыс машқаласын шешиў тек ғана АҚШ ямаса араб мәмлекетлериниң иси емес. Буның ушын халықаралық жәмийетшилик, соның ишинде, Орайлық Азия мәмлекетлери де бирлесиўи керек. Ҳәр бир қәдемди пуқта ойлап басыў арқалы тынышлық ҳәм турақлылыққа ерисиў мүмкин", - деди Камилов.
Президент кеңесгөйи Өзбекстанның бул саммиттеги қатнасыўы мәмлекеттиң жәҳән сиясатындағы абырайы артып атырғанынан дәрек беретуғынын айтты. Бул тек ғана Өзбекстанға болған жоқары исеним емес, ал мәмлекеттиң халықаралық майдандағы әҳмийетли ҳәм исенимли қатнасыўшы сыпатында тән алыныўы болып есапланады.